– Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясы ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлерине, жәми 8 мүрәжат келип түсти,-дейди Федерация қәнигеси Э.Ибраймова. – Олардағы тутыныўшыларды қыйнап атырған ең әҳмийетли мәселе – жөнелисли такси айдаўшыларының өз жумысларын бәнелеп, жолаўшыларды өз мәнзиллерине жеткермей турып түсирип кетип атырғаны болса, және бири, жол ҳақыларының себепсиз түрде арттырылыўы болып есапланады.

Мәселен, усы жыл 31-январь күни Шымбай районы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине, усы райондағы «Таза жол» АПЖда жасайтуғын пуқаралар «Шымбай – Таза жол» жөнелисиндеги жолаўшы тасыўшы микроавтобуслар ҳәм жөнелисли таксилер жол ҳақының баҳасын тийкарсыз түрде 2000 сумнан, 2500 сумға арттырғанын айтып, наразылығын билдирген.

Келип түскен бул мәселелер үйренилип шығылғанында, бул жөнелис «Жамалтранс» ЖШЖге қараслы екенлиги анықланып, жол ҳақы қайтадан 2000 сум етип белгиленди.

Пуқаралардан коммуналлық төлемлерди есаплаўдағы қәте-кемшиликлери туўралы да көплеген мүрәжатлер келип түспекте.

29-январь күни Төрткүл районы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине усы райондағы «Шорахан» АПЖ турғыны Т.Машариповтан үйине тәбийғый газ бойынша  надурыс қойылған қарыздарлық бойынша мүрәжат келип түседи.

Жәмийет хызметкерлери тәрепинен бул мүрәжат үйренилип, тутыныўшының шаңарағына 384494 сум ақша надурыс есапланғанлығы анықланды. Сондай-ақ, усындай мүрәжат 1-февраль күни усы аўылдағы У.Рахматуллаевтан да келип түсти. Ол электр энергиясы кәрханасы тәрепинен хожалығына тийкарсыз түрде 327 мың сум қарыздарлық жазылғанын атап өткен. Усы мәселени үйрениў жумыслары алып барылғанында, районлық электр тармақлары кәрханасы хызметкерлериниң немқурайдылығы себепли, бул тутыныўшының хожалығына тийисли есап бети, параллель түрде және бир тутыныўшының хожалығына да ашылғаны анықланды. Солай етип, тутыныўшының қарыздар емес екени анықланып, мәселе өз шешимин тапты.

Сондай-ақ, Беруний районы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине, усы районның «Дослық» МПЖ, Равнақ көшесиниң 5-жайында жасайтуғын пуқара М.Досумовтан «Исеним телефоны» арқалы өзи жасап атырған аймақта ишимлик суўы жоқ екенлиги туўралы мүрәжат келип түскен. Бул мүрәжатта жәмийет қәнигелери ҳәм Беруний районлық Суў тармақлары кәрханасы менен биргеликте үйренилип, нәтийжеде Түйемойын-Нөкис магистрал суў тармағы суў бериўши тәрепинен жабылғаны анықланды. Бул кемшиликлер бойынша арнаўлы тапсырма берилип, ҳәзирги ўақытта тутыныўшы жасап атырған аймақ ишимлик суўы менен тәмийинленип, кемшиликлер сапластырылды.

Усы жыл 2-февраль күни Қараөзек районы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине, Ө.Айтимов көшесинде жасайтуғын пуқара Д.Тажбеновадан келип түскен мүрәжатта, өзи жасап атырған жайдың алдында шығынды таслаў орны бар екенлиги, «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының районлық филиалы тәрепинен шығындылардың өз ўақтында алып кетилмеўиниң себебинен тасландылар көбейип кеткени көрсетилген.

Келип түскен мүрәжат жәмийет қәнигелери тәрепинен үйренилип, «Таза аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасының районлық филиалы тәрепинен шығындылар алып тасланды.

Федерация ҳәм оның район (қала)лық жәмийетлери тәрепинен пуқаралардың мүрәжатларын унамлы шешип бериў бағдарындағы жумыслары даўам етпекте.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.