Мәмлекетлик салық басқармасының салық тараўында ҳуқықбузарлықлар профилактикасы бөлими хызметкерлери тәрепинен Нөкис қаласында өткерилген қадағалаў илажларында нызамсыз саўда менен шуғылланып атырған пуқаралар анықланды, деп хабар бермекте Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик салық басқармасы Жәмийетшилик пенен байланыслар ҳәм ҳуқықый мәлимлеме бөлими.

Нөкис қаласында жасаўшы пуқара Қ.Қ.усы күнге шекем өз үйинде нызамсыз түрде мәмлекетлик дизимнен өтпей саўда менен шуғылланып келген. Қадағалаў илажында пуқараға тйисли болған жасалма усылда ислеп шығарылған ҳәр түрли өлшемдеги 27 мың 547 дана жәми баҳасы 263 миллион 619 мың 500 сумлық алкоголь өнимлери айғақлы зат ретинде алынды.

Жоқарыда атап өтилген пуқараның саўда дүканында болса алкоголь өнимлери сатып келгенлиги анықланып, пуқараға тийисли болған жәми баҳасы 59 миллион 592 мың 500 сумлық  яғный, 3310 дана алкоголь өнимлери ўақтынша сақлап турыў ушын рәсмийлестирилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги