Усы жыл 26-февраль күни АКБ «Ипотекабанк» Қарақалпақстан филиалында Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының шөлкемлестириўинде «Тутыныўшының ҳуқықы бәрқулла нызам қорғаўында» атамасындағы қоспа мәжилис болып өтти.

Илажға Федерация ҳәм банк филиалының хызметкерлери қатнасты.

Мәжилисте, Федерация ҳәм оның район(қала)лық жәмийетлери тәрепинен тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар туўралы кең түрде мағлыўмат берилди.

Атап өтилгениндей бул илаж, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-майдағы «Елимизди демократиялық жаңалаў процесинде пуқаралық жәмийети институтларының ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы ҳәм оған тийкарланып берилген тийисли көрсетпелердиң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде өткерилди. Соның менен бирге, орынларда социаллық шериклик тийкарында Федерацияның Таяныш топарлары (басланғыш шөлкемлери) шөлкемлестирилмекте.

Режеге тийкарланып өткерилип атырған усындай илажлар даўамында жаңадан бес мыңға шамалас жәмийет ағзаларын қабыл етиў күтилмекте.

Мәжилисте, таяныш топар ҳәм оның тәртип-қағыйдалары туўралы түсиниклер берилип, банкте дүзилетуғын таяныш топар бойынша тийисли шешим қабыл етилди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.