Усы жыл 27-февраль күни  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили ўазыйпасын ўақытша атқарыўшысы Леван Буадзе басшылығындағы делегация еки күнлик сапар менен республикамызға келди.

Делегация ағзаларын Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде қабыллаў мәресими болды. Илажда  Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманды республикамызға сапары менен қутлықлап, Өзбекстандағы БМШның Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен Арал апатшылығының ақыбетинен жәбир көрген халықтың жасаў шараятларын жақсылаў бағдарында көрсетип атырған айрықша жәрдеми ушын миннетдаршылық билдирди.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат  Мирзиёевтиң тиккелей басламасы менен Арал апатшылығы ақыбетлерин сапластырыў, аймақта жасап атырған халықтың турмыс дәрежесин жақсылаў бойынша айтарлықтай илажлар әмелге асырылмақта. 2018-2021-жыллары Аралбойы аймағын раўажландырыў бойынша Мәмлекетлик бағдарламаның,  Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң усы жыл 16-январьдағы «Қарақалпақстан Республикасы Мойнақ районын комплексли социаллық-экономикалық раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарының қабыл етилиўи Президентимиздиң республикамыз халқына деген айрықша итибары ҳәм ғамқорлығының айқын мысалы болып табылады.

Бүгинги күни Арал теңизиниң қурыған ултанында тоғайзарлық пайда етиў жумыслары шөлкемлескенлик пенен алып барылмақта. Быйылғы жылдың өзинде 500 мың гектар майданға шөлге шыдамлы өсимликлер егиў режелестирилген болып, оған республикамыздан, соның менен бирге, елимиздиң барлық ўәлаятларынан келген көмекшилер қатнаспақта. Бул бағдарда БМШның Раўажланыў бағдарламасы тәрепинен бир қатар жойбарлар әмелге асырылып атырғанлығы айрықша атап өтилди.

Өз гезегинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы Леван Буадзе жыллы жүзлилик пенен қабыл еткени ушын республикамыз басшысына миннетдаршылық билдирди ҳәм келешектеги бирге ислесиў бағдарындағы режелерге тоқтап өтти.

Буннан кейин Бейимлесиў қоры ҳәм Өзбекстан Ҳүкиметиниң «Өзбекстанның қурғақшылық районларындағы фермер ҳәм дийқан хожалықларында ықлым турақлылығын тәмийинлеў» жойбары тийкарында шөлкемлестирилген жайлаўларды раўажландырыў бойынша өндирислик кооперативлерге аўыл хожалығы техникалары ҳәм үскенелерин тапсырыў салтанаты болды.

Илажда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев,  Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили ўазыйпасын ўақытша атқарыўшы Леван Буадзе шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасы жанындағы Гидрометеорология орайы (Гидромет), Бейимлесиў қоры менен биргеликте алып барылып атырған жойбардың мақсет ҳәм ўазыйпаларына тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Бейимлесиў қорының қаржыландырыўдағы бул жойбардың мақсети, елимиздиң қурғақшылыққа ең көп дуўшар болатуғын аймақларында ықлым өзгерисине шыдамлы дийқаншылық ҳәм шарўашылық хожалықларын жаратыўдан ибарат.   Жойбардың жәрдеми менен ланфдшафт дәрежесинде ықлым өзгерисине  бейимлесиў бойынша илажлар сыпатында Қарақалпақстанда биринши мәрте 10 жайлаў кооперативи шөлкемлестирилди. Жайлаўларды нәтийжели басқарыў ҳәм деградацияға ушыраған жерлерди жақсылаў олардың тийкарғы ўазыйпасы болып табылады. Усы мақсетте Кегейли, Тахтакөпир, Шымбай, Мойнақ ҳәм  Қанлыкөл районларында шөлкемлестирилген жайлаў кооперативлерине 43455 адам қамтып алынды. Берилип атырған техникалардың бир бөлеги Өзбекстандағы БМШның Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Өзбекстан Республикасы Тоғай хожалығы комитети менен биргеликте 2018-жылдың май айында дүзилген меморандумға муўапық сатып алынды. Булар ҳәм оннан алдын алып келинген техника менен үскенелер Арал теңизиниң қурыған ултанында нәл егиў, мелиоративлик жумысларды алып барыў ҳәм жайлаўлардың өнимдарлығын арттырыўға хызмет етеди.

Илаж соңында Қарақалпақстан Республикасы Тоғай хожалығы комитетине, жаңадан шөлкемлестирилген жайлаў кооперативи ўәкиллерине заманагөй техникалар, от-шөп жыйнаўшы үскенелер, суў насослары салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Буннан кейин мийманлар Ташкент мәмлекетлик аграр университети Нөкис филиалы жанында шөлкемлестирилген мәсләҳәт-мағлыўмат орайында,  БМШның Раўажланыў бағдарламасы ҳәм Бейимлесиў қоры жойбары тийкарында Кегейли агросанаат колледжи жанында дүзилген ыссыхана хожалығының ашылыў салтанатына қатнасты. Сондай-ақ, БМШның Раўажланыў бағдарламасы жойбары шеңберинде реконструкцияланған Тахтакөпир районы «Дәўқара» ҳәм «Атакөл» аўыл пуқаралар жыйынлары аймағындағы халыққа таза ишимлик суўын жеткерип бериўши үскенениң ашылыўында болып, «Айдын жол» аўыл пуқаралар жыйынындағы «Ткачиха-Тахта» тигиў цехының жумыслары менен танысты.

Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Раўажланыў бағдарламасының Өзбекстандағы турақлы ўәкили ўазыйпасын атқарыўшы Леван Буадзениң республикамызға сапары даўам етпекте.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

М.ҲӘБИЙБУЛЛАЕВ тың түсирген сүўретлери.