Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баслығы – Пуқаралық қорғаныў баслығының 2019-жыл 8-февральдағы «Жас қатқарыўшы» ықтыярлылар клубларының жумысларының еле де жетилистириў, жарысқа таярлық көриў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы буйрығы талапларын орынлаў мақсетинде, Айрықша жағдайлар басқармасы ҳәм тийисли шөлкемлер тәрепинен жарыслар баслап жиберилди.

Дәслепки «Жас қутқарыўшы» ықтыярлылар клубы жарыслары усы жыл 23-25-февраль күнлеринде Қоңырат ҳәм Қанлыкөл районларында болып өтти.

Онда 9 улыўма орта билим бериў мектеплериниң, 7 кәсип-өнер колледжлериниң «Жас қутқарыўшы» командалары қатнасты.

Өткерилген жарысларға жәми 264 адам ҳәм 6 арнаўлы техника қатнасты.

Қанлыкөл районындағы педагогикалық колледждиң «Лашын», 1-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Алпамыс», Қоңырат районындағы медицина колледжиниң «Туран», 35-санлы улыўма билим бериў мектебиниң «Бүркит» командалары районлық басқышта биринши орынды ийелеп, республикалық басқышқа жоллама алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.