1983-жылы Наманган қаласында туўылған Маъруф Ниязов 2016-2017-жылларда урлық пенен шуғылланғаны себепли оған суд тәрепинен излеў жәрияланған еди. Бул ҳаққында Жоқары суд баспасөз хызмети хабар берди.

Ол жынайы шериклери Муҳаммаджан ҳәм Тоҳир менен алдын ала тил бириктирип, 2016-жыл 13-ноябрь күни Шымбай районы дийқан базары жанындағы бәндиргиде турған «Нексия» маркалы машинаның есигин қайшы жәрдеминде ашып, жүк бөлмесинде турған 8,8 миллион сумды урлаған.

Сондай-ақ, Маъруф жынайы шериклери менен биргеликте 2016-жыл 29-ноябрь күни Хазарасп районына келип, Санаат аўылында жайласқан гүриш базарының автомобильлер турар орнында турған «Нексия» ҳәм «Ласетти» маркалы автомобильлердиң жүк бөлмесинен 11 миллион сумды урлаған.

2017-жыл 9-январь күни Нөкис қаласының Гөне қала аймағында жайласқан автомобильлер турар орнындағы «Спарк»тиң есигин қайшы жәрдеминде ашып, салонда турған 20 миллион сумды алып қашқан.

Усы жынайы ҳәрекетлери ушын Муҳаммаджан ҳәм Тоҳирларға 2017-жылы суд ҳүкими жәрияланып, оларға еркинен айырыў жазасы белгиленген. Маъруф болса жазадан қутылыў мақсетинде сырт еллердиң биринде жасырынған.

Ол 2018-жыл 11-ноябрь күни Россияның Оренбург қаласында қолға алынған.

Суд ҳүкими менен М.Ниязовқа ЖКның 169-статьясы 3-бөлиминиң «а» бәнти тийкарында 3 жыллық мүддетке еркинен айырыў жазасы белгиленди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги