Усы жыл 20-февраль күнинен баслап, үш күн даўамында Хожели ҳәм Тақыятас районларында Сәркардалық-штаб оқыў-шынығыўлары болып өтти.

Бул илажлар Өзбекстан Республикасы Бас министри – Пуқаралық қорғаныў баслығының тийисли буйрықлары тийкарында, усы районлардағы АЖМС аймақлық төменги структураларының күш ҳәм қуралларының таярлық дәрежесин анықлаў мақсетинде өткерилди.

Сәркардалық оқыў-шынығыўлары айрықша жағдайларда оның алдын алыў ҳәм ҳәрекет етиў Мәмлекетлик структурасы аймақлық төменги структуралары хызметлериниң, мүлкшилик түрлерине қарамастан кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелер, аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынларының ўәкиллери және кең жәмийетшиликти тартқан ҳалда, «Басқарыў уйымлары, АЖМС аймақлық ҳәм функционаллық төменги структураларының тәбийғый ҳәм техноген түрдеги айрықша жағдайлардың ақыбетлерин сапластырыў бойынша ҳәрекети» темасында өткерилди.

– Оқыў-шынығыўлары 20-февраль күни саат 07:30да «Йиғин» сигналы менен басланды,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Айрықша жағдайлар басқармасының бөлим қәнигеси И.Қосбаев. –  Дәслеп Хожели ҳәм Тақыятас районларының байланыс ҳәм орайласқан хабар бериў системасы көзден өткерилди. Районлардың телекоммуникациялық тармақлары арқалы тийисли кәрхана, шөлкем ҳәм мәкемелердиң 257 басшы қурамына хабар берилди.

Соң АЖМС аймақлық ҳәм функционаллық төменги структураларының басқарыў уйымлары менен район ҳәкими – Пуқаралық қорғаныў баслығы тәрепинен мәжилис өткерилди. Мәжилисте районның пуқаралық қорғаныў хызметлери басшыларының есаплары тыңланды ҳәм тийисли анықлықлар киргизилип, көрсетпелер берилди.

Тақыятас ҳәм Хожели районлары ҳәкими – Пуқаралық қорғаныў баслықларының дала шараятындағы басқарыў пункти, районның бирлескен командасының сап тартып өтиўи, улыўма билим бериў мектебинде «Пуқаралық қорғаныў күни» илажы өткерилди.

Соң «Тақыятас ЫЭС» АЖде, «Тақыятас дән өнимлери» АЖ ҳәм Тақыятас гидроузелинде, «Туран Хожели» АЖда, Үстирт геофизика экспедиция филиалына қараслы «Жарылыўшы затларды сақлайтуғын қоймахана»да, Хожели темир жол станциясында, «Хожели пахта тазалаў» АЖда «Тәбийғый ҳәм техноген қәсийетке ийе айрықша жағдайлар жүз бергенде объекттиң басшылар қурамы ҳәм пуқаралық қорғаныў структураларының, сондай-ақ, районның АЖМтС хызметлери менен бирликтеги ҳәрекетлери» темасында арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы өткерилди.

Райондағы МПЖ ҳәм АПЖ аймақларында, шөлкемлестирилген ықтыярлылар топарын тартқан ҳалда жер силкиниў ақыбетинде аймақтағы ҳәр қыйлы дәрежедеги бүлгиншиликлер астынан жәбирленген адамларды излеп табыў ҳәм қутқарыў жумыслары әмелге асырылды. Оларға медицина бирлеспеси базасында шөлкемлестирилген топар тәрепинен дәслепки медициналық жәрдем көрсетилди.

Сондай-ақ, оқыў-шынығыўында жер силкиниў нәтийжесинде  пайда болған газ, суў, электр тармақларындағы аварияларды сапластырыў, қутырыў кеселликлери анықланғандағы биргеликтеги ҳәрекетлер, халықты қәўипсиз аймақларға көшириў, оларға зәрүр шараятлар жаратыў, медициналық жәрдем көрсетиў сыяқлы бир қатар илажлар әмелге асырылды.

«Микрокредит банк»тиң Хожели филиалында жер силкиниў ақыбетинен пайдаланған жынайы топарларды ҳәм жынаятшылар тәрепинен жүз берген өрт ақыбетлерин сапластырыў бойынша арнаўлы-тактикалық оқыў-шынығыўы әмелге асырылды.

Хожели медицина колледжинде «Тәбийғый өзгешеликке ийе айрықша жағдайлар жүз бергенде колледж басшылары ҳәм оқыўшыларының ҳәрекетлери» темасында пуқаралық қорғаныў күни илажы өткерилди.

Сондай-ақ, қатнасыўшылардың халық арасында Қрым-Конго геморрогиялық ысытпа кеселлигиниң алдын алыўдағы ҳәрекетлери де әмелий сынақтан өтти.

Хожели ҳәм Тақыятас районларында өткерилген бул Сәркардалық-штаб оқыў-шынығыўларына жәми 15697 адам қатнасып, 270 арнаўлы техника тартылды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.