USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

АЙМАҚЛАРДЫ КОМПЛЕКСЛИ РАЎАЖЛАНДЫРЫЎ БОЙЫНША ҚОСЫМША ЎАЗЫЙПАЛАР БЕЛГИЛЕНДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-февраль күни социаллық-экономикалық раўажланыўдан артта қалып атырған аймақлар мәселелерине бағышланған мәжилис өткерди.

Елимиз экономикасын турақлы раўажландырыўға, аймақлардың абаданлығын ҳәм халықтың турмыс дәрежесин арттырыўға қаратылған кең көлемли илажлар белгиленген. Оларды нәтийжели әмелге асырыў мақсетинде мәмлекетимиз басшысының пәрманларына муўапық, Экономика ҳәм санаат министрлиги және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги шөлкемлестирилди. Аймақларды ҳәм тармақларды комплексли раўажландырыў, өндирислик қуўатлықларды турақлы жайластырыў Экономика ҳәм санаат министрлигиниң, тармақлық ҳәм аймақлық инвестициялық бағдарламалар ислеп шығылыўы және әмелге асырылыўын тәмийинлеў, кәрхана ҳәм шөлкемлердиң экспорт жумысын муўапықластырыў Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлигиниң тийкарғы ўазыйпалары етип белгиленди.

 Енди бул министрликлер өз-ара муўапық ислеп, базар талаплары тийкарында қолда бар имканиятларды толық иске қосыў, аймақларды ҳәм тармақларды жедел раўажландырыў илажларын көреди.

Бүгинги күнде жалпы ишки өнимде санааттың үлесин арттырыўға айрықша итибар қаратылмақта. Бул бағдарда бир қатар жойбарлар ислеп шығылмақта.

Мәмлекетимиз басшысы көпшилик жойбарлар инфраструктура қолайлы болған районларға жайластырылып, басқа  аймақлар итибардан шетте қалмаўы зәрүрлигин атап өтти.

92bbb423-6c1c-541a-7afe-31270e1f573b.jpg

Елимиздеги 32 районда санааттың үлеси ўәлаят көрсеткишиниң 3 процентине де жетпеўи сынға алынды. Бул районлардың географиялық жайласыўы, шийки зат базасы, мийнет ресурсларынан буннан былай да кеңнен пайдаланыў имканиятлары бар екени атап өтилди.

Экономика ҳәм санаат министрлиги, Инвестиция ҳәм сыртқы саўда министрлиги, Мәмлекетлик геология ҳәм минерал ресурслары бойынша комитетине ҳәр бир район кесиминде қазылма байлықлар резервинен келип шығып, оларды санаатластырыў бойынша инвестициялық жойбарларды  қәлиплестириў ўазыйпасы қойылды.

266 мың гектар жердиң өнимдарлығы төменлеп, пайдаланыўға жарамсыз болып қалғаны атап өтилди. Аўыл хожалығы министрлиги, Суў хожалығы министрлигине бул жерлерде суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиўдиң есабынан аўыл хожалығын раўажандырыў бойынша бағдарлама ислеп шығыў тапсырылды.

Қоңсылас мәмлекетлер менен шегаралас районлардың логистика, экспорт ҳәм сервис потенциалынан нәтийжели пайдаланыў бойынша да көрсетпелер берилди.

Социаллық-экономикалық раўажланыўдан артта қалып атырған районларда кооперация тийкарында киши санаат зоналары шөлкемлестирилип, оларда тоқымашылық, тери, мийўе-овощ өнимлерин қайта ислеў ҳәм сақлаў бойынша жойбарларды жайластырыў зәрүрлиги атап өтилди. Бул районларда өндирис ҳәм транспорт инфраструктурасын раўажландырыўға қаратылған бағдарлама қабыл етиў ўазыйпасы қойылды.

Мәжилисте бул ўазыйпаларды әмелге асырыў бойынша шөлкемлестириў жумыслары да белгилеп берилди.

Дәслебинде, Бас министр орынбасарлары басшылығындағы жумысшы топар орынларға шығып, 32 районда ҳәр бир бағдар бойынша жойбарлар ислеп шығады.

Бул жойбарлар анық болыўы, неше кәрхана иске түседи, қанша инфраструктура қурылады, қанша халық бәнт болады, деген барлық сораўларға жуўап бериўи керек, деди Шавкат Мирзиёев.

Және бир итибарлы тәрепи, бул жойбарларды қаржыландырыў дәреклери «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен», «Жаслар – келешегимиз», «Абат аўыл», «Абат мәҳәлле» сыяқлы бағдарламалар менен байланыслы ҳалда шешиледи. Бул районлардағы кем тәмиийнленген шаңарақларды өзин-өзи бәнт етиў бойынша мақсетли бағдарлама әмелге асырылады.

Мәжилисте жуўапкер басшылар додаланған мәселелер бойынша есабат берди.

ӨзА