Узақ аралықларға ҳәрекетленетуғын поездларда жолаўшыларға қосымша қолайлықлар жаратыў мақсетинде шегирме ҳәм жеңилликлер енгизилди. Атап айтқанда, жолаўшылар Россия, Қазақстан ҳәм Қырғызстан аймақларынан өтетуғын халықаралық жөнелистеги поездларда усы шегирмелерден пайдаланыўы мүмкин. Бул ҳаққында «Өзбекстан темир жолары» баспасөз хызмети хабар бермекте.

Мүддетинен алдын билетлерди сатып алыў ўақты бойынша төмендегилер белгиленди:

– билет поездиң жөнеў күнинен 45-41 күн алдын сатып алынса, СВ ҳәм купе вагонлар ушын 55 процент;

– билет поездиң жөнеў күнинен 40-31 аралығында сатып алынса, СВ ҳәм купе вагонлар ушын 45 процент;

– билет поездиң жөнеў күнинен 30-6 күн алдын сатып алынса, СВ ҳәм купе вагонлар ушын 35 процент;

– билет поездиң жөнеў күнинен 45-41 күн алдын сатып алынса, плацкарт вагонлар ушын 45 процент;

– билет поездиң жөнеў күнинен 40-31 күн аралығында сатып алынса, палцкарт вагонлар ушын 35 процент;

– билет поездиң жөнеў күнинен 30-6 күн аралығында сатып алынса, плацкарт вагонлар ушын 25 процент.

Поезд жөнеп кетиўине қаншелли аз ўақыт қалыўына қарай шегирмелер де азайып барады. Бес күн қалғанда да билетлер белгиленген баҳаларда сатылады. Белгиленген шегирмелер жергиликли жөнелислерге енгизилмейди.

Жоқарыдағы жеңилликлер, шегирмелер «Өзбекстан темир жоллары» АЖ, «Қазақстан темир жолы миллий компаниясы» АЖ, «Россия темир жоллары» ААЖ темир жолы администрациясы менен биргеликте әмелге асырылады.

Ҳәзирги ўақытта жолаўшы поездлары Ташкент-Москва, Әндижан-Москва, Ташкент-Қазан, Ташкент-Үргениш-Волгаград, Ташкент-Үргениш-Москва, Ташкент-Үргениш-Саратов, Ташкент-Новосибирск, Ташкент-Уфа, Ташкент-Челябинск, Ташкент-Алматы, Нөкис-Бейнеў ҳәм Нөкис-Алматы жөнелислеринде қатнамақта.

Сондай-ақ, Ташкент-Бишкек-Балықшы, Самарқанд-Астана мәўсимлик жөнелислери де бар. Соның менен бирге, акционерлик жәмийети тәрепинен халықаралық келисим тийкарында Өзбекстан аймағынан өтетуғын Кулаб-Москва, Душанбе-Москва ҳәм Хожент-Москва жөнелислеринде қатнап атырған жолаўшы поездларына да хызмет көрсетиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.