2018-жыл 12-ноябрьдеги ПФ-5574-санлы Президент Пәрманы тийкарында 2019-жылы рәсмий сәнелерди белгилеў ўақтында қосымша жумыс исленбейтуғын күнлер белгиленип, дем алыс күнлери көширилген еди, деп жазады ҳуқықтаныўшы Хушнудбек Худайбердиев.

Усы Пәрман тийкарында март айында да көширилген дем алыс күни белгиленген.

Ҳәптедеги жумыс күнлери саны дем алыс күнлерине тәсир ететуғынлығын умытпаўымыз керек. Яғный, 5 күнлик жумыс ҳәптесиндеги хызметкерлер март айында 13 күн дем алады, ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлер болса март айында 8 күн дем алады.

 

Анықлаў етип айтқанда, 8-март – Халықаралық ҳаял-қызлар күни байрамы ҳәптениң жума күнине туўра келгенлиги себепли, 5 күнлик жумыс ҳәптесинде ислейтуғын хызметкерлер избе-из 3 күн дем алады.

 

Наўрыз байрамы қарсаңындағы дем алыс күнлерине келетуғын болсақ, ҳәптесине 5 күн ислейтуғын хызметкерлерге төмендеги күнлер (избе-из 4 күн) дем алыс күни есапланады:

21-март – пийшемби (Наўрыз байрамы);

22-март – жума (қосымша дем алыс күни);

23-март – шемби;

24-март – екшемби.

 

Ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлерге төмендеги күнлер дем алыс күни есапланады:

21-март – пийшемби (Наўрыз байрамы);

22-март – жума (қосымша дем алыс күни);

24-март – екшемби.

Ҳәптесине 6 күн ислейтуғын хызметкерлер 23-март күни (шемби) жумыс ислейди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги