USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ӨЗБЕКСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИНИҢ ТҮРКИЯ РЕСПУБЛИКАСЫ ПРЕЗИДЕНТИ МЕНЕН ТЕЛЕФОН АРҚАЛЫ СӨЙЛЕСИЎИ ҲАҚҚЫНДА

 

26-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Сөйлесиўдиң басында мәмлекетимиз басшысы Түркия Президентин туўылған күни менен қызғын қутлықлап, ең жақсы тилеклерин билдирди.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан менен Түркия арасындағы дослық, стратегиялық шериклик және өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықлары барған сайын беккемленип атырғанын айрықша қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Өз-ара саўда көлеми жоқары пәт пенен артып бармақта: 2018-жылдың жуўмақларына бола товар алмасыў 40 проценттке өсти. Түркияның жетекши компанияларының қатнасыўында инвестиция ҳәм инновациялар, энергетика, аўыл хожалығы, инфраструктураны модернизациялаў, туризм ҳәм басқа да тараўларда ири қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта.

Бүгинги күнде Өзбекстанда Түркия инвестицияларының қатнасыўында 655 қоспа кәрхана жумыс алып бармақта, соннан 270и өткен жылы шөлкемлестирилди.

Мәдений-гуманитарлық алмасыў кеңейип бармақта, туризм тараўындағы бирге ислесиў жумысы раўажланбақта. Кейинги бир жыл ишинде мәмлекетимизге сапар еткен түркиялы туристлердиң саны 2 есе көбейди.

Мәмлекет басшылары сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық, қаржы, мәдений-гуманитарлық ҳәм басқа да тараўларда жоқары дәрежеде ерисилген келисимлерди кең көлемде әмелге асырыў әҳмийетли екенлигин атап өтти.

Сөйлесиў жуўмағында Президентлер Өзбекстан менен Түркия арасындағы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиўге таяр екенлигин және бир мәрте тастыйықлады.

 

ӨзА