Сурхандәрья ўәлаяты Шадлық мәҳәллесинде жасайтуғын Нозим Қулбоев(аты-фамилиясы өзгертилди) Термиз қаласында кешки ўақытта бийкарға бийтақатланып жүрмеген екен. Ўәлаят ишки ислер уйымы хызметкерлери тәрепинен Туран мәҳәллесинде өткерилген гезектеги илаж даўамында оның сыры ашылып қалды.

Усы жылы 51 жасқа шығатуғын бул шахс қалыс гүўалардың қатнасыўында тексерип көрилгенинде оның қасынан бир дана шырпы қутысына жайластырылған марихуана нәшебентлик заты барлығы анықланды. Ўәлаят орайына мийман болып келген Н.Қулбоевтың жанынан табылған нәшебентлик зат ҳужжетлестирилип алынғанда оның салмағы 1,19 граммды қурады.

-Орынларда ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў ҳәм жынаятларды болдырмаў бойынша көплеген профилактикалық илажлар әмелге асырылмақта,-дейди ўәлаят ишки ислер басқармасы баспасөз хызмети баслығы капитан Ф.Тошбоев.- Бул процесслерде  нәшебентлик ямаса психатроп затларды нызамға қайшы түрде таярлаў, алыў, сақлаў, жибериў ҳәм басқа да ҳәрекетлерди ислеў, сондай-ақ, оларды нызамсыз түрде өткериў де жынаят екенлиги кеңнен үгит-нәсиятланбақта. Бирақ айырым шахслардың еле де усы сыяқлы жынаятларға қол урып атырғаны ашынарлы жағдай. Мысалы, Термиз қаласында өткерилген және бир илаж ўақтында Алтынсай районындағы Боташ мәҳәллесинде жасайтуғын дәрихана сатыўшысы Шоди Таңгиев Маьрифат мәҳәллеси аймағында 20 дана «Sonnat» таблеткасын қарыйдарға сатып атырғанында қолға түсти. Жынаят жазасыз қалмайды. Сол себепли енди 27 жасқа толып атырған бул шахсқа Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 273-статьясы 2-бөлими менен жынаят иси ашылды. Бундай мысалларды және де келтириўимиз мүмкин.

Ҳәзирги ўақытта Н.Қулбоевтың жынаят иси бойынша тергеў-сорастырыў жумыслары алып барылмақта.

 

Холмўмин Маматрайимов,ӨзА