Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 26-февраль күни Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшыларының исенимли сиясий ерк-ықрары ҳәм ис-ҳәрекетлери себепли Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы стратегиялық шериклик және өз-ара пайдалы бирге ислесиў қатнасықлары тез пәт пенен раўажланып, избе-из беккемленип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Жоқары дәрежедеги өз-ара сапарлар ҳәм сөйлесиўлер Өзбекстан-Түркменстан қатнасықларын анық мазмун менен байытты.

Ташкент ҳәм Ашхабад қалаларында еки тәреплеме миллий көргизбе және бизнес форумларының өткерилгени, Исбилерменлер кеңесиниң шөлкемлестирилгени, уйымлараралық бирге ислесиў беккемленип атырғаны товар алмасыў көлемин арттырыў ҳәм экономиканың түрли тармақларында кооперацияны раўажландырыўға хызмет етти.

Сөйлесиўде Аралбойында социаллық-экономикалық жағдайды жақсылаў ҳәм экологиялық апатшылықтың унамсыз ақыбетлерин сапластырыў бойынша көрилип атырған әмелий илажларға айрықша итибар қаратылды.

Аваза қаласында Аралды қутқарыў халықаралық қоры саммиттиниң табыслы өткерилгени ҳәм Түркменстанның усы қордағы нәтийжели басшылығы регион мәмлекетлери және халықаралық жәмийетшиликтиң Арал машқаласын шешиў бағдарындағы ис-ҳәрекетлерине жаңа пәт бағышлағаны атап өтилди.

БМШ қәўендерлигинде Аралбойы аймағы ушын Инсан қәўипсизлиги бойынша ҳәр тәреплеме шериклик тийкарында Траст фонды өз жумысын баслағаны ҳәм теңиздиң қурыған ултанында тоғайлар жаратыў бойынша алып барылып атырған кең көлемли жумыслар жоқары баҳаланды.

Сондай-ақ, болажақ илажлардың режеси, соның ишинде, усы жылдың апрель айында Ташкентте болып өтетуғын Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының екинши мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў ҳаққында пикир алысылды.

Сөйлесиў жуўмағында мәмлекет басшылары туўысқан халықларымыз ҳәм еллеримиздиң абаданлығы жолында Өзбекстан менен Түркменстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық және стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бойынша умтылыўлары исенимли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

ӨзА