Жақында Шымбай районы ҳәкимлигинде O’zLiDeP районлық Кеңеси тәрепинен депутатлық топардың ҳуқықбузарлықлар ҳәм жынаятшылыққа байланыслы мәселелерди додалаўға бағышланған гезектеги мәжилиси болып өтти.

Оған партияның районлық кеңеси хызметкерлери, районлық кеңестиң депутатлық топары ағзалары, жуўапкер шөлкемлердиң ўәкиллери ҳәм партия белсендилери қатнасты.

Мәжилисте тийкарынан район көлеминде жынаятшылықтың әсиресе, жаслар арасында ҳуқықбузарлықтың алдын алыў бағдарындағы жумыслар бойынша есабатлар тыңланды.  Сондай-ақ, депутатлық топары ўәкиллериниң жумысларын буннан былай жа жанландырыў, олардың алдында турған әҳмийетли ўазыйпалар да додаланды.

– Бүгинги күнде халқымыздың тыныш ҳәм абадан турмыста жасаўы кешириўи ушын биринши гезекте өзлеримиз жасап атырған мәҳәллемиздиң тынышлығын сақлаўымыз керек, – дейди Шымбай районлық Ишки ислер бөлими жаслар мәселелери бойынша орынбасары М.Өтгенов. – Бул ушын бәринен бурын мәҳәлледеги қадағалаўды күшейтиў, үгит-нәсиятлаў жумысларын жетилистириў арқалы  ҳуқықбузарлық ҳәм жынаятшылықтың алдын алыўымыз керек.

 

Статистикалық мағлыўматларға қарағанда, район көлеминде  2017-жылы 133, 2018-жылы 64, 2019-жылдың усы күнине шекем  5 жынаят жүз берген. Бул жынайый ислердиң алдын алыў мақсетинде районлық ишки ислер бөлиминиң ҳәр айда ислеген жумысына таллаў жасалып, жынаяттың келип шығыў себеплери үйренилип, олардың алдын алыўда жәмийетлик қадағалаў жумысларының еле де  күшейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы