Президенттиң айырым ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилгени ҳаққында «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Киргизилген өзгерислерге муўапық, билимлендириў мәкемелериниң денетәрбиясы оқытыўшысын лаўазымға тайынлаў және азат етиў районлық денетәрбия ҳәм спорт бөлимлери менен келисилген ҳалда билимлендириў мәкемелериниң директорлары тәрепинен әмелге асырылады.

Бурын денетәрбиясы оқытыўшысы Денетәрбия ҳәм спорт министрлиги менен келисилген ҳалда Қарақалпақстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министри, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қалалық денетәрбия ҳәм спорт басқармасының баслықлары тәрепинен әмелге асырылған.

Жоқары билимлендириў орынларының дене тәрбия оқытыўшылары болса ендигиден былай мәкеме басшылары тәрепинен лаўазымға тайынланады  ҳәм азат етиледи. Бурын бул тәртип дене тәрбия ҳәм спорт министри тәрепинен әмелге асырылған.

Сондай-ақ, кептирилген мийўе-овощларды тиккелей шәртнамалар бойынша 100 процент ҳақы алдыннан сырт ел валютасында алынғаннан соң экспорт етиўге рухсат берилиўине байланыслы талап бийкарланды.

Қара металлар прокатын ислеп шығарыў ушын хожалық жүргизиўши субъектлер тәрепинен республикаға алып келинетуғын металлургия шийки затын алып кириўге болған бажыхана жеңилликлери 2020-жылдың 1-январына шекем созылды.

ӨзА