USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Шемби, 27 Апрель

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ҒӘЛЛЕ ЗҮРӘӘТЛИЛИГИН БУННАН БЫЛАЙ ДА АРТТЫРЫЎ БОЙЫНША ӘҲМИЙЕТЛИ ИЛАЖЛАР БЕЛГИЛЕП БЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 25-февраль күни азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеўде әҳмийетли болған ғалле тәрбиясын системалы шөлкемлестириў ҳәм зүрәәтке-зүрәәт қосыў бойынша әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Өткен жылы ҳаўа-райы жүдә ыссы ҳәм қурғақ келгени, қубла ўәлаятларда суў тамтарыслығына қарамастан, фермерлеримиздиң пидәкерли мийнетиниң нәтийжесинде ҳәр гектардан орташа 45 центнерден зүрәәт алынып, жәми 5 миллион 200 мың тоннадан аслам зүрәәт жетистирилди.

Усы жылы болса жаўын-шашын муғдары өткен жыл менен салыстырғанда еки есе, алдынғы жылларға қрағанда 1,3 есе жоқары болмақта. Мысал ушын, Толлимаржон суў сақлағышында 1 миллиард куб метр, Чимқўрғон, Пачкамар ҳәм басқа да суў сақлағышларында өткен жыл менен салыстырғанда 2-3 есе көп суў жыйналды. Жиззақ және Сырдәрья ўәлаятларында суў тәмийнатын жақсылаў ушын Сардоба суў сақлағышы иске түсирилди. Бул өткен жылға салыстырғанда жүдә көп зүрәәт алыў имканиятын жаратады.

Және бир әҳмийетли тәрепи – фермерлерди хошаметлеў ушын 2019-жылы бийдайдың ҳәр бир тоннасы ушын 1 миллион 200 мың сум ямаса өткен жылға салыстырғанда 1,6 есе жоқары сатып алыў баҳасы белгиленди. Жоқары зүрәәт алған фермерлерге мәмлекетлик сатып алыў баҳасына 25 процентке шекем, яғный ҳәр бир тонна дән ушын 300 мың сумға шекем үстеме қолланыў системасы енгизилди. Бул болса мол зүрәәт жетистириўге үлкен түртки болады.

Қалаберсе, азотлы, фосфорлы ҳәм калийли төгинлер өз ўақтында орынларға жеткерип берилмекте. Бир сөз бенен айтқанда, зүрәәтлиликти ҳәм дән жетистириў көлемин өткен жылға салыстырғанда кеминде 30 процентке арттырыў ушын барлық имканиятлар бар.

Мәжилисте ғәллениң раўажланыў жағдайы ҳәр бир аймақ мысалында сын көз қарас пенен талланып, жол қойылған кемшиликлер көрсетип өтилди.

Мәселен, Қашқадәрья ўәлаятының Миришкор, Қарши, Ғузор, Чироқчи ҳәм Косон районлары, Самарқанд ўәлаятының Булунғур, Жомбой, Пастдарғом районлары, Жиззақ ўәлаятының Дўстлик, Шароф Рашидов, Зафарбод районлары, Сырдәрья ўәлаятының Ховос, Оқолтин ҳәм Гулистон районларында ғәлле раўажланыўдан артта қалған. Ташкент, Наманган ҳәм басқа да ўәлаятларда да әҳмийетли агротехникалық илажлар талап дәрежесинде әмелге асырылмаған.

Видеоселектор мәжилисинде бундай кемшиликлерди сапластырыў,  зүрәәтлиликти арттырыў, қосымша дән ислеп шығарыў бойынша тапсырмалар берилди. Усы жыл ғәллешилик ушын қолайлы болып киятырғаны, буннан ақылға уғрас ҳәм нәтийжели пайдаланып, азық-аўқат өнимлериниң мол және арзан болыўын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Елимиз тәбияты – Жаратқанның инамы. Ғәлле, дән болса тийкарғы талап етилетуғын товарлардан бири болып есапланады. Ғәлледен мол зүрәәт жетистирсек, дән ислеп шығарыў көбейеди, азық-аўқат өнимлери арзан болады. Бул жүдә әҳмийетли, халқымыздың абаданлығы менен байланыслы мәселе, деди Шавкат Мирзиёев.

50bad531-7e58-7cd1-2d24-56d7ccbcb694.jpg

Президентимиз пахташылықта өзин ақлап атырған тәжирийбеден келип шығып, ғәллешилик бойынша да кластерлер шөлкемлестириў зәрүрлигин атап өтти. Жуўапкер басшылар ҳәм ўәлаятлардың ҳәкимлерине бул бойынша тийисли тапсырмалар берди.

Фермерлер де, кластерлер де экономикалық пайда менен ислеўи, шәртнама режесинен арттырып зүрәәт алыў және дәраматын көбейтиў керек екенлиги атап өтилди.

Ғәллешилик аўыл хожалығының басқа тармақлары ушын да үлкен әҳмийетке ийе. Атап айтқанда, қусшылық ҳәм балықшылық хожалықларында азық-аўқатқа бәрқулла мүтәжлик болады. Енди бундай хожалықлар менен фермерлер арасында ғәлле зүрәәтиниң белгили бир бөлегин сатып алыў бойынша тиккелей шәртнама дүзиўи жолға қойылады. Ғәлле тәрбияланып, зүрәәтке-зүрәәт қосылатуғын ўақытта қусшылық ҳәм балықшылық хожалықлары фермер хожалықларына қаржы жиберип, кейин ала арзан азық-аўқат алады. Нәтийжеде ғәлледен мол зүрәәт жетистириўге, оннан азықлық таярлаў арқалы гөш, мәйек сыяқлы азық-аўқат өнимлериниң арзан болыўына да ерисиледи. Буннан еки тәреп те пайда көреди.

Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы ҳәм барлық ўәлаятларда мәпдар хожалықлар арасында өз-ара кооперацияны жолға қойып, қусшылық және балықшылық хожалықларының бийдайға болған талабын толық қаплаў бойынша тапсырмалар берилди.

Ғәлле тәрбиясы бойынша шөлкемлестирилген республикалық жумысшы топарлар орынларға барып, ўәлаят ҳәм районлардағы 4 сектор басшылары менен биргеликте ғәлле зүрәәтлилигин кеминде 30 процентке арттырыў бойынша «Жол картасын» ислеп шығып, орынланыўын шөлкемлестириўи зәрүр екенлиги атап өтилди.

Онда, биринши гезекте, ғәллени 10-мартқа шекем азотлы төгинлер менен азықландырыўға айрықша итибар қаратыў кереклиги атап өтилди. Суў хожалығы министрлиги суўды үнемлеген ҳалда жумсаў, суўғарыў бойынша жаңа технологияларды енгизиў ўазыйпасы қойылды. Орынлардағы секторлар басшыларына ҳәр бир фермер хожалығы кесиминде әҳмийетли агротехникалық илажларды белгилеў ҳәм избе-из әмелге асырылыўын тәмийинлеў тапсырылды.

Мәжилисте тараў жуўапкерлери, Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятлардың басшылары көрсетип өтилген мәселелер бойынша мәлимлеме берди.

ӨзА