Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 18-январьдағы «2018-жылда турақ жайлар қурылысын раўажландырыўдың мақсетли бағдарламасын нәтийжели әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында республикамыз аймағында 1320 үлги жойбарлар тийкарында арзанлатылған турақ жайлардың қурылысы, соннан аўыллық жерлерде жасайтуғын, турақ жай шараятын жақсылаўға мүтаж болған пуқаралар ушын 1269 турақ жайдың қурылысы әмелге асырылған еди. Солардан, биринши ҳәм екинши типтеги турақ жайлардан 51и Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен усынылатуғын жас шаңарақларға арнап қурылды.
– Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 24-ноябрьдеги «Аўыллық жерлерде ҳәм пуқаралардың айырым топарлары ушын арзан турақ жайлар қурылысын кеңейтиўге қаратылған қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, қурылыс жумыслары баслап жиберилди,-дейди «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК ЖШЖ директоры Р.Мадатбаев. – Атап айтқанда, республикамызда 2019-жылдың бағдарламасы бойынша 866 турақ жай қурылысы режелестирилген.
Соннан, 4 қабатлы 2, 3 ханалы 24 квартиралы 29 турақ жайдың қурылысы ҳәм 2 сотыхлы, 3 ханалы 146 турақ жайдың қурылысы белгиленген. Соның ишинде, 575и турақ жай шараятын жақсылаўға зәрүр шаңарақларға, 51и айрықша өрнек көрсеткен жас шаңарақларға, 120сы аўыр социаллық жағдайға түсип қалған ҳаял-қызлар ушын белгиленген.
Бүгинги күнде район(қала) ҳәкимлери тәрепинен қурылысқа жер майданлары ажыратылып, ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасы Қурылыс министрлигиниң келисиминен өткерип келинди.
Ҳәзирги ўақытта, Мойнақ районында «Қишлоқ қурилиш инвест» ИК ЖШЖ тәрепинен 4 этажлы, 2, 3 ханалы 24 квартиралы 20 жайдың қурылысы баслап жиберилди.
Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 16-январьдағы 37-санлы қарарына муўапық, район бағдарламасына киргизилген объектлердиң қурылыс-монтажлаў жумысларының жойбар ҳүжжетлерин ислеп шығыў менен бир ўақытта әмелге асырыўға рухсат берилди.
Республикамыздың барлық районларында қурылысы режелестирилген арзан турақ жайлардың тендер саўдалары болып өтти.
Бүгинги күнде районларымызда турақ-жайлардың қурылыс жумыслары баслап жиберилди. Бул турақ жайларды усы жылдың сентябрь айына шекем пайдаланыўға тапсырыў нийетиндемиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.