Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети хызметкерлери, 2019-жыл  22-февраль күни  Төрткүл районы «Мискин» постында  Арал тәбиятты қорғаў прокуратурасы, Төрткүл районы ИИБ ҳәм Қарақалпақстан Республикасы өсимликлер карантини инспекциясының аймақлық  хызметкерлери  менен  бирликте  өткерген  рейд илажлары даўамында бир қатар фактлерди анықлады.

Атап айтқанда, рейд барысында он еки пуқара өзлериниң  басқарыўындағы 6 дана «Дамас», 6 дана «ГАЗ-53» маркалы автомашиналарын басқарып киятырғанында иркип тексерилгенинде, олардың нызамсыз  түрде  сексеўил өсимлигин  шаўып,  жүклеп  алып  киятырғаны анықланды.

Олар ҳәкимшилик жуўапкершиликке  тартылып, усы 12  пуқараға  2 432 760 сум муғдарында жәрийма салынды. Тәбиятқа келтирген зыяны ушын бул пуқараларға Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2014-жыл 10-октябрьдеги 290-санлы  қарарынын  17-қосымшасына муўапық, 13 765 367 сум муғдарында  зыян  белгиленди ҳәм келтирилген зыян толығы менен өндирилди.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.