Республикалық гидрометеорологиялық орайдың хабар бериўинше, 26-февраль күни Қарақалпақстан Республикасында ҳаўа өзгерип турады, жаўын-шашын болмайды. Айырым жерлерге думан түсиўи мүмкин.
Шығыстан секундына 7-12 метр тезликте самал еседи. Түнги ўақытларда 3 градус суўық, 2 градус жыллы, күндизги ўақытлары 5-10 градус жыллы болыўы күтиледи.
Ислам Матеков,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.