Кегейли районы «Ақтуба» АПЖ аймағындағы фермер хожалықларының биринде бахытсыз ўақыя жүз берди. Район пуқаралары А.Б. ҳәм А.К өз-ара жәнжеллесип, урысады. А.Б. атлы шахс А.К.ның бетин жарақатлайды.

Нәтийжеде, жәбирлениўши районлық медицина бирлеспесине алып барылады. Ол жерде өзине келмей қайтыс болады, деп мағлыўмат бермекте Жынаят ислери бойынша Кегейли районлық судының баслығы А.Бекманов.

Бул жынаят районлық суды тәрепинен көрилип, судланыўшы А.Б.ға Жынаят кодексиниң 104-статьясы 3-бөлими «д» бәнти бойынша 9 жыл еркинен айырыў жазасы тайынланды.

ӨзА