24-февраль күни Азия олимпия кеңеси (ОСА) президенти Шайх Аҳмед Әл-Фаҳад Әс-Сабаҳ Ташкент қаласына келди. Бул ҳаққында Газета.uz хабар берди.
Мәртебели мийман Ислам Кәримов атындағы Ташкент халықаралық аэропортында AIBA президенти Ғафур Раҳимов, МОК президенти Умид Аҳмаджанов басшылығындағы Миллий олимпия комитети ўәкиллери және ғалаба хабар қураллары хызметкерлери тәрепинен күтип алынды. Әс-Сабаҳ пенен бирге делегация қурамында Халықаралық гүрес ассоциациясы президенти, ОСА Азия ойынлары департаменти директоры Ҳайдар Фарман, ОСА хаткери Льюсен Альварез де елимизге келди.
Хабарыңыз бар, Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев тәрепинен Олий Мажлиске Мүрәжатында Өзбекстан Азия ойынларын өткере алыўға тайын мәмлекет екенлигин айырықша атап өткен еди.
Усы тийкарда, Миллий олимпия комитети басшылары бул бағдардағы жойбарды турмысқа енгизиўди баслап жиберген. Бул бойынша 2030-жылдағы Азия ойынларын Ташкент ҳәм Самарқандта өткериў бойынша арза Азия Олимпия Кеңесине усынылған. 2030-жылдағы Азия ойынларын қабыл етиў ушын Өзбекстаннан басқа Қатар, Ҳиндстан ҳәм Филиппин сыяқлы мәмлекетлер талабанлық етпекте.
Өзбекстанның Азия ойынларын қабыллаў имканиятларын кеңнен додалаў мақсетинде Әс-Сабаҳ басшылығындағы делегация еки күн даўамында Өзбекстанда болады.
Қарақалпақстан хабар агентлиги