USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Екшемби, 5 Май

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

САЛЫҚ КОНЦЕПЦИЯСЫНЫҢ ОРЫНЛАНЫЎЫ ҲӘМ ҚЫЙТАҚ ЖЕРДЕН ПАЙДАЛАНЫЎ СЫН КӨЗҚАРАСТАН ТАЛЛАНДЫ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 22-февраль күни салық сиясатын жетилистириў концепциясы бойынша алып барылып атырған жумыслардың нәтийжелилигин таллаў ҳәм гезектеги ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси өткерилди.

Салық жүгин азайтыў, салық ҳәкимшилигин жетилистириў экономиканы раўажландырыўдың ең әҳмийетли факторларынан бири. Сол мақсетте өткен жылы Өзбекстан Республикасының салық сиясатын жетилистириў концепциясы қабыл етилген еди. Жаңа салық системасын енгизиў бойынша республика штабы ҳәм ҳәкимликлер жанында аймақлық штаблар дүзилип, орынларда тийисли шөлкемлестириўшилик ҳәм түсиник жумыслары алып барылды. Нәтийжеде қосымша қун салығын төлеўге өтип атырған кәрханалардың саны 5 есеге артты.

Быйылғы жылдың январь айында бюджетке түсимлер бойынша прогноз барлық аймақларда орынланды. Январь айында инфляция дәрежеси жыллық есапта 13 процентти қурап, белгиленген прогноз көрсеткишинен артпады. Бул валюта базарын либералластырыўдан кейинги дәўирдеги жыллық инфляцияның ең минимал көрсеткиши болып табылады. Бул болса, әмелге енгизилген жаңа салық концепциясы экономикалық ҳәм ҳуқықый жақтан тийкарлы екенин көрсетеди.

Мәжилисте салық уйымларындағы айырым хызметкерлердиң қәнигелиги, кәсиплик жуўапкершилиги талап дәрежесинде емеслиги, ақыбетинде үлкен қәте ҳәм кемшиликлерге жол қойылып атырғаны атап өтилди.

Мәселен, Қашқадәрья ҳәм Жиззақ ўәлаятларының айырым районларында улыўма белгиленген салық төлеў системасына өткен исбилерменлик субъектлерине мәсләҳәт бериў ушын салық инспекторлары атына ғана бириктирилген.

Мәжилисте жаңа салық системасын енгизиўде арқайынлыққа жол қойған айырым ўәлаят ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, район ҳәкимлери ҳәм олардың орынбасарларына интизамлы шаралар көрилди.

Салық ҳәм прокуратура уйымлары хызметкерлери қулағына қуйып алсын: быйыл жаңа салық системасының тәртип-қағыйдалары ҳәм есап-санақлары исбилерменлердиң санасында толық қәлиплеспегенше оларды жазалаўға, жәриймаға тартыўға улыўма жол қойылмайды. Керисинше, олар исбилерменлерге мәсләҳәтши ҳәм жәрдемши болып, салықларды анық есаплаўда және төлеўде дурыс жол көрсетиўи керек, деди Шавкат Мирзиёев.

7095ffc5-1fac-a36d-b4de-648aeb59fa61.jpg

Салық хызметкерлериниң қәнигелигин арттырыў, салық төлеўшилерге есабатларды қәлиплестириў ҳәм есап-фактураларды толтырыў тәртибин үйретиў мәселелери додаланды.

Айырым исбилерменлер жаңа салық системасын қолланыў бойынша жетерли билимге ийе емеслиги себепли товарларға тийкарсыз түрде қосымша үстемелер есаплаў жағдайлары ушыраспақта. Ол тутыныў базарында баҳаға өз тәсирин өткермекте.

Сол себепли республика штабына аймақларға шығып, орынларда баҳаның артыўы себеплерин турақлы таллаў, олардың тийкарсыз өсиўиниң алдын алыў бойынша қосымша усыныслар ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Жаңа салық системасы бойынша пайда болып атырған көплеген сораўларға жуўап табыў ушын ушырасыўлар, ғалаба хабар қуралларында арнаўлы шығыўлар шөлкемлестириў бойынша көрсетпе берилди.

Видеоселектор мәжилисинде салықлар төлениўин әмелге асырыўда нызамсыз жағдайлар анық мысаллар тийкарында додаланды. Ири ислеп шығарыўшылар, импортёрлар ҳәм көтере саўда шөлкемлери тәрепинен сатылып атырған товарлардың ҳәрекетин таллаў, нақ пулсыз есап-санақ жүргизиў көлемин кеңейтиў, бул ушын электрон есап-фактура системасын тезирек енгизиў зәрүрлиги атап өтилди.

Салық уйымларына орынлардағы ийек артыўшылық қарыздарлықты өндириў, бюджетке дәраматлардың ишки резервлерин излеў бойынша усыныслар берилди. Соның ишинде, Мәмлекетлик салық комитети жанында ири салық төлеўшилер ҳәм импортёрлар менен ислейтуғын аймақлараралық инспекцияның жумысын жолға қойыў зәрүрлиги атап өтилди.

Қаншелли қыйын болмасын, баслаған реформаларымызды ақырына шекем жеткериўимиз зәрүр. Лекин, үгит-нәсият-түсиник жумысларын бәнелеп, үйрениўлерди тексериўге айландырыўға ҳеш қашан жол қойылмайды. Ҳадал исбилермен бәрқулла мәмлекеттиң қорғаўында, мениң қорғаўымда, деди Президентимиз.

Мәжилисте және бир әҳмийетли мәселе-қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланыў ҳәм бәҳәрги егис жумыслары да додаланды.

Халқымыз бурыннан ырысқыны өндириў, бағ жаратыўдың усылын алған. Бүгинги күнде көпшилик өзиниң қыйтақ жеринен нәтийжели пайдаланып, бир жылда 3 мәртеге шекем өним алмақта. Лекин, айырым жерлерде қыйтақ жерге егин екпеў ҳәм қараўсыз таслап қойыў жағдайлары да бар. Елимиз бойынша 328 мың шаңарақтағы 20 мың гектар қыйтақ жерден нәтийжели пайдаланылмай атыр.

Негизинде қыйтақ жер ырысқы-несийбе, қосымша дәрамат дәреги, бәнтликти, арзаншылықты тәмийинлеўдиң нәтийжели жолы болып табылады. Адамлардың өзинде де егин егиў, дәрамат алыў тилеги бар. Лекин не егиўди, туқымды, нәлди қай жерден алыўды билмейди. Келешекте «өнимди сата аламан ба», деген екилениўшилик те бар.

Сонлықтан быйыл март-апрель айларында қыйтақ жерге егин егиў жумыслары жаңа системада, кең жәмийетшиликтиң қатнасында шөлкемлестириледи. Халық қабыллаўханаларының басшылары мәҳәлле баслықлары менен бирге үйме-үй жүрип, халықтың талаплары тийкарында оларға жәрдем береди. Жергиликли бюджетлердиң резерв қорынан 40-50 миллион сумнан қаржы ажыратылып, кем тәмийинленген, социаллық қорғаўға мүтәж шаңарақларға базарға қолайлы овощлардың туқымы, мийўели дарақ ҳәм жүзим нәллери жеткерип бериледи.

Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңеси, «Мәҳәлле» қайырқомлық жәмийетлик фонды потенциаллы фермерлердиң жәрдеминде халықтың пайдаланылмай атырған қыйтақ жерлерин егиске таярлаў ҳәм базарға қолайлы егинлер егиўди шөлкемлестиреди. Бәнтлик ҳәм мийнет қатнасықлары министрлиги Бәнтликке көмеклесиў қорынан қыйтақ жери бар жумыссыз пуқараларға ыссыханалар шөлкемлестириў, туқым ҳәм нәл алыў ушын ең кем мийнет ҳақының 10 есесине шекемги муғдарда субсидия ажыратады.

Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы ҳәм ўәлаятлар ҳәкимлериниң биринши орынбасарлары, район ҳәм қалалардың 4 сектор басшылары ҳәр бир аймақтың өзине тән өзгешелигин есапқа алып, «бир мәҳәлле-бир өним» принципи тийкарында ҳәр бир мәҳәллени мийўе-овощ жетистириў, киши ыссыханалар шөлкемлестириў, шарўашылық, қусшылық, пал ҳәррешилик, қоян бағыў, түйетаўық бағыў сыяқлы бағдарларға қәнигелестириў бойынша әмелий илажлар көреди.

Мәжилисте додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың мәлимлемеси тыңланды.

ӨзА