Ҳүкиметлик қарар тийкарында Халық билимлендириў министрлиги жанындағы Халық билимлендириўин раўажландырыў қоры және бюджеттен тыс Республикалық мақсетли китап қоры ҳаққындағы уставлар тастыйықланды. Бул ҳаққында «Ҳуқуқий ахборот» каналы мәлим етти.

Уставқа муўапық, Халық билимлендириўин раўажландырыў қорының тийкарғы ўазыйпасы Халық билимлендириў министрлиги системасына киретуғын билимлендириў мәкемелери, Меҳрибанлық үйлери, Балалар қалашаларын қурыў ушын қаржы топлаў болып табылады.

Басқарыў кеңеси қордың жоқары органы есапланады, қордың атқарыўшы дирекциясы атқарыў органы есапланады.

Дирекция ҳәр жылы келеси жыл ушын қордың дәраматлары прогноз жобасын тастыйықлайды.

Қордың қаржыларынан мектеплер қурыў, реконструкциялаў ҳәм ири оңлаў, сондай-ақ, мектеплерди үскенелеў ушын пайдаланылады.

Республикалық мақсетли китап қорының тийкарғы ўазыйпасы мектеплердиң китапхана қорлары ушын сабақлықлар ҳәм оқыўлық-методикалық комплекслер менен тәмийинлеўге бағдарланған бюджет қаржылары ҳәм қәўендерлик пуллары, халықаралық қаржы институтларының кредит ҳәм грантлары, сабақлықлардың ижара төлемин топлаў ҳәм олардан нәтийжели пайдаланыў болып табылады.

Қәўендерлик кеңеси қордың жоқары басқарыў органы есапланады және оның қурамы ҳүкимет тәрепинен тастыйықланды.

Қор төмендегилер ушын сабақлықлар жеткерип бериўге қаржы ажыратады:

– биринши класс оқыўшылары ушын;

– «Меҳрибанлық үй»лериниң тәрбияланыўшылары, физикалық ямаса психикалық жақтан раўажланыўында нуқсаны болған балалар ушын қәнигелестирилген мектеплер ҳәм мектеп-интернатлардың оқыўшылары ушын;

– социаллық жәрдемге мүтәж болған шаңарақлардағы оқыўшылар ушын;

– ижара тийкарында бериў ушын;

– муғаллимлер ушын.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.