Усы жыл 23-февраль күни Нөкистеги «Жаслар орайы»нда баспасөз конференциясы болып өтти. Онда Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлиги, Арқа-Батыс әскерий округи, Миллий гвардия әскерий бөлиминиң жуўапкер басшылары, район(қала) ҳәкимлериниң, ишки ислер бөлимлериниң жаслар сиясаты мәселелери бойынша орынбасарлары, Өзбекстан Жаслар аўқамы район (қала)лық Кеңеслериниң баслықлары, ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Баспасөз конференциясын өткериўден тийкарғы мақсет – Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 4-декабрь күнги «Қарақалпақстан Республикасында жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы системасының нәтийжелилигин арттырыў бойынша илажлар ҳаққында»ғы Ф-5408-санлы Бийлиги талапларының орынланыўын додалаў болып есапланады.

Баспасөз конференциясында, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы С.Турманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, усы бийлик пенен жуўапкер министрликлер, басқармалар ҳәм басқа да шөлкемлерге Қарақалпақстан Республикасын жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықлардан жырақ аймаққа айландырыў, яғный, жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм ҳуқықбузарлықлар профилактикасы мәселесинде жаңаша механизмди әмелиятта енгизиў бойынша тапсырмалар берилгенин атап өтип, әмелге асырылған жумыслар туўралы мағлыўмат берилди.

Атап айтқанда, Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинде оқыўшы жаслар менен «Үш әўлад ушырасыўы», пайтахтымыздағы спорт мектебинде район(қала)лық ИИБлерде профилактикалық есапта турған және тәрбиясы аўыр жас өспиримлер қатнасында «Армияда бир күним» илажлары, сондай-ақ, олар менен бирге спорттың минифутбол түри бойынша жарыс өткерилген.

Конференцияда бийлик талаплары айырым орынларда толық орынланбай атырғанлығы, соның нәтийжесинде айырым районларда жынаятшылық өткен жылдың усы дәўири менен салыстырғанда кескин түрде көбейип кеткенлиги қатаң сынға алынды. Усы бағдардағы жумысларды жақсылаў бойынша пикир-усыныслар билдирилип, тийисли ўазыйпалар белгиленди.

Қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.

(М.Ҳабибуллаевтың түсирген сүўретлери)