Олий Мажлистиң үйрениўлери нәтийжесинде, Өзбекстанның ең шетки, емлеўханалардан узақта жайласқан жерлеринде жасайтуғын халықлар «Тез жәрдем»ди шыпакердиң бир аўыз мәсләҳәти ямаса азғана жәрдеми менен өз шешимин табатуғын жағдайларда да шақырыў жағдайлары көп ушыраспақта.

Бундай жағдайларды азайтыў мақсетинде Өзбекстанның барлық аймақларында «медицина сақшылары» пайда болады.

 

Олар кимлерден дүзиледи?

Пенсиядағы, көп жыллық тәжирийбеге ийе шыпакерлер бос ўақтында өзлери жасайтуғын аймақларда халыққа олардың мүрәжатлары тийкарында биринши медициналық жәрдем көрсетип, медициналық профилактика өткереди. Булардың барлығы ықтыярлы түрде әмелге асырылады.

«Медицина сақшылары» ҳаққындағы мағлыўматлар халыққа таныстырыў мақсетинде пуқаралардың өзин-өзи басқарыў органларына ҳәм билимлендириў мәкемелерине жибериледи. Олар жасайтуғын үйлердиң есигине «Усы үйде шыпакер жасайды» деген мағлыўмат жазып қойылады. Оларға районлық медициналық бирлеспеси тәрепинен гүўалық берилиўи де мүмкин.

«Медицина сақшылары» тийисли аўыллық акушерлик пункти, аўыллық шыпакерлик пункти тәрепинен зәрүрли медициналық үскенелер, атап айтқанда, тонометр, фонендоскоп, термометр ҳәм дәрилер жәмленген сумка, мүрәжат етиўшилерди дизимге алыў дәптери менен тәмийинледи.

Бундай жумысларда белсендилик көрсеткен, халықтың ҳүрмети ҳәм алғысына ерискен «медицина сақшылары» хошаметлеп барылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.