Өзбекстан жаслар аўқамы тәрепинен бирге ислесиўши шөлкемлер менен бирликте, жаслар арасында жынаятшылық, ҳуқықбузыўшылық ҳәм өз жанына қастыянлық етиў ҳалатларының алдын алыў, олардың сиясий, ҳуқықый билимлерин арттырыў, Ўатансүйиўшилик руўҳында тәрбиялаў мақсетинде ҳәр айдың үшинши он күнлигинде орынларда «Барлығы өз қолыңда!» ураны астында үгит-нәсият декадалары өткерилип келинбекте.

Усы жыл 22-февраль күни пайтахтымыздағы «Жаслар орайы»нда Өзбекстан жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң шөлкемлестириўинде гезектеги ушырасыў болып өтти.

Оған пайтахтымыздағы орта арнаўлы оқыў орынларының ҳуқықый билимлендириў, медицина бағдарларындағы оқыўшы-жаслары қатнасты.

Ушырасыўда көплеген жыллар даўамында ҳуқық қорғаў уйымларында хызмет етип, ҳәзирги ўақытта ҳүрметли дем алыста болып атырған нуранийлар – Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министри лаўазымында хызмет еткен полковник Орынбай Турдақов, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети Шегара әскерлери регионаллық басқармасы баслығы орынбасары лаўазымында ислеген  подполковник Ахмет Шылманов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Ўатан, оған хызмет етиў  – ең ҳүрметли пазыйлетлердиң бири екенлигин атап өтти.

Олар өзлериниң хызмет етиў дәўирлериндеги елдиң тынышлығын сақлаў, қәўипсизликти тәмийинлеў, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузыўшылықтың алдын алыў бағдарындағы әмелге асырған илажлары туўралы қызықлы мағлыўматлар берип, ақыл-нәсиятларын айтып, жасларды ҳадал болыўға, елге шын кеўли менен хызмет етиўге шақырды.

Ушырасыў қатнасыўшылары олардан өзлерин қызықтырған сораўларына жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.