2019-жыл 23-февраль күни саат 16:39 да Қарақалпақстан Республикасы ИИМ Өрт қәўипсизлиги басқармасы Өртти өшириў күш ҳәм қуралларын басқарыў және муўапықластырыў орайына Нөкис қаласы А.Утепов көшеси номерсиз жайда жайласқан «Қарақалпақ қурылыс» ЖШЖға қараслы Нөкис қалалық 2-санлы қурылыс басқармасы аймағында жанармай өнимин сақлаў орнында өрт жүз берип атырғаны ҳаққында хабар келип түскен.

Хабар тийкарында, оператив түрде 4 өрт өшириў экипажы жиберилген. Бөлимшелер саат 16:43 те ўақыя жүз берген орынға жетип келип, өрт саат 16:45 те қоршап алынған ҳәм саат 16:48 де толық сапластырылған.

Көрилген оператив шаралар нәтийжесинде өрт қоңсы имаратларға өтип кетиўиниң алды алынған.

Өрт ақыбетинде жанармай өнимин сақлаў ушын арналған 4,5 м3 сыйымлылық ҳәм ондағы шөлкем хызметкери 2000-жылы туўылған пуқара Ж.Х. күйиў дене жарақатын алып, емлеўханаға жиберилген.

Өртке сыйымлылықта электр кепсерлеў жумысларын алып барыўда өрт қәўипсизлиги талапларының бузылыўы себеп болған, деген болжаўлар бар.

Ҳәзирги ўақытта материаллық зыянның муғдары анықланбақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги