Мәмлекетлик тест орайы директоры Мажид Каримовтың айтыўына қарағанда, быйылғы жылы мектеп, лицей ҳәм колледжлерди питкериўши жаслар ушын тест сынақлары улыўма бийпул, ҳеш қандай төлемлерсиз өткериледи.

«Тест сынақларында қатнасыў ушын төлем (ең кем айлық мийнет ҳақысының бир есеси) алдынғы оқыў жылларында билимлендириў мәкемесин питкерген абитуриентлерден өндирилиўи белгиленген», – деп айтып өткен.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.