Абитуриентке параллел рәўиште 3 жоқары оқыў орнына ҳүжжет тапсырыўға имканият бериледи. Бирақ, үшеўден көп болыўы мүмкин емес.

Ең кем айлық мийнет ҳақы тек ғана бир мәрте төленеди.

Бул «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбары бойынша Мәмлекетлик тест орайы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында баспасөз конференциясында Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажид Каримовтың жуўабы еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.