23-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбары бойынша Мәмлекетлик тест орайы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында баспасөз конференциясы өткерилди.

Илажда сөзге шыққан Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажид Каримовтың билдириўинше, қарар жойбарына муўапық кириў имтиханынан биринши жылы өте алмаған абитуриентлерге әмел етиў мүддети 3 жыллық болған сертификат берилиўи жобаластырылмақта.

Усы сертификат арқалы 3 жыл даўамында абитуриент жоқары оқыў орынларына қабыллаў ушын өткерилетуғын тест сынақларында қатнасыўы мүмкин.

Демек, ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарындағы төлем бир мәрте төленсе, 3 жылға шекем ҳеш қандай төлемлер болмайды.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.