23-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбары бойынша Мәмлекетлик тест орайы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында баспасөз конференциясы өткерилди.

Қарар жойбарында өткен жылы ҳәм оннан алдынғы дәўирде оқыўын питкерген абитуриентлер тест сынақларында қатнасыўы ушын ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында (ҳәзирги ўақытта бул сумма 202 730 сумға тең) төлемди әмелге асырыў тәртиби усыныс етилмекте.

Енди буны өткен жылғы көрсеткиш пенен есаплап көрейик. 2018-2019-оқыў жылында жоқары оқыў орынларындағы жәми 82 900 орынға 679 979 абитуриент ҳүжжет тапсырған. 597 079 абитуриент кириў имтиханларынан өте алмаған.

Усы тесттен өте алмағанлар быйылғы жылы да ҳүжжет тапсырып, ең кем айлық мийнет ҳақының бир есеси муғдарында төлем әмелге асырғанда, олардан жәми 121 млрд сум келип түседи екен. Бул 14 млн 240 мың АҚШ долларына тең көрсеткиш болады. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

Жойбарда кириў имтиханы процесинен түскен қаржылар имаратлардың ижара төлемине, үлкен қуўатлылықтағы кондиционерлер, шахсты анықлаў ҳәм бақлаў камерасы, ата-аналар ушын мониторлар менен үскенелеўге, сондай-ақ, абитуриентлерди ишимлик суўы ҳәм ручка менен тәмийинлеўге сарпланатуғынлығы ҳаққында атап өтилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.