23-февраль күни Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы жанындағы Мәлимлеме ҳәм ғалабалық коммуникациялар агентлигинде «Жоқары билимлендириў мәкемелерине тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарардың жойбары бойынша Мәмлекетлик тест орайы ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллери арасында баспасөз конференциясы өткерилди.

Илажда сөзге шыққан Мәмлекетлик тест орайының директоры Мажид Каримовтың билдириўинше, жоқары оқыў орынларына Мәмлекетлик хызметлер орайлары арқалы ҳүжжет тапсырыў имканияты жаратылады. Буның ушын абитуриент орайға 10 мың сумнан 20 мың сумға шекемги белгиленген сумманы төлейди. Бул ҳаққында Kun.uz хабар берди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги