Халық депутатлары Қанлыкөл районлық Кеңесине Н.Дәўқараев сайлаў округинен депутат К.Жуманиязов райондағы 1-санлы улыўма билим бериў мектебине өз есабынан суў ысытыў үскенесин саўға етти. Бул ҳаққында район ҳәкимлигиниң рәсмий сайты хабар берди.

Мектеп жәмәәти менен ушырасыўға келген ўақтында депутатқа мектеп жәмәәти тәрепинен оқыў орнының тазалығын сақлаў, оқыўшылардың санитариялық-гигиеналық талапларына әмел етиўи, сондай-ақ, лаборатория бөлмелериндеги әсбап-үскенелерди тазалаўда ыссы суў жеткерип бериўде машқала болып атырғаны мәлим етилген еди.

Депутат К.Жуманиязов басламасы менен бул машқала өз шешимин тапты.

Мектеп жәмәәти депутатқа өз миннетдаршылығын билдирди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги