Төрткүл районы «Көкше» аўыл пуқаралар жыйынында жасайтуғын Қуўаныш Даўылбаев 2010-жылы Қазақстан Республикасындағы Абай атындағы Қазақ миллий педагогика университетин питкерген. Оқыўын жақсы баҳалар менен жуўмақлаған Қуўаныш өз қәнигелиги бойынша жумысқа кириўде көплеген қыйыншылықларға дус келген. Дипломын нострификациялаў оның ең баслы машқаласына айланған еди. Бул ҳаққында район ҳәкимлиги рәсмий сайты хабар берди.

Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2017-жыл 3-апрельдеги қарарына тийкарланып, халықаралық көлемде тән алынған шөлкемлердиң рейтингинде биринши 500 лик дизимге киргизилген сырт ел жоқары оқыў орынларын оқып питкергенлердиң дипломлары тиккелей (арнаўлы сынақларсыз) нострификациялаў әмелге асырылыўы белгиленген еди. Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги ҳәм Мәмлекетлик тест орайының қоспа қарары тийкарында усы типтеги жоқары оқыў орынларының дизими тастыйықланды. Қазақстан Республикасындағы Абай атындағы Қазақ миллий педагогика университети усы дизимге киргизилгени себепли Қуўаныш Даўылбаевтың сырт елде оқығаны ҳаққындағы ҳүжжети Төрткүл районлық мәмлекетлик хызметлер орайына берген арзасына муўапық, тиккелей (арнаўлы сынақларсыз) нострификациялаў әмелге асырылды.

Еслетип өтемиз, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-декабрьдеги «Халыққа мәмлекетлик хызметлер көрсетиўдиң миллий системасын түпкиликли реформалаў илажлары ҳаққында»ғы пәрманына муўапық, сырт еллерде оқығаны ҳаққындағы ҳүжжетлерди тән алыў ҳәм нострификациялаў ушын арзалар Мәмлекетлик хызметлер орайына тапсырылады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги