Сайлаў кодекси жойбарының дүзилиси – 2 бөлим яғный Улыўма бөлим – 6 бап ҳәм Арнаўлы бөлим – 12 бап, жәми 18 бап, 101 статья.

Сайлаў кодексиниң 26 жаңа, ең тийкарғы қағыйдалары төмендегилерден ибарат:

Биринши жаңалық. Нызамшылық палатасында депутатлық орынлар ушын Өзбекстан Экологиялық ҳәрекети ўәкиллерине квота ажыратыў институты шығарып тасланбақта. Бунда Нызамшылық палатасында әмелдеги депутатлық орынлар (150 орын) сақлап қалынады.

Екинши жаңалық. Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары тәрепинен халық депутатлары районлық (қалалық) Кеңеслерине талабан көрсетиў тәртиби бийкар етилмекте.

Үшинши жаңалық. Өзбекстан Республикасы сайлаўшыларының бирден-бир электрон дизимин қәлиплестириў Кодекс пенен тәртипке салынады.

Төртинши жаңалық.  Мүддетинен бурын даўыс бериў ямаса сайлаў күни даўыс бериў ушын даўыс бериўге бирден-бир сайлаў бюллетенин енгизиў арқалы «сайлаў қағазы» түсиниги шығарып тасланбақта.

Бесинши жаңалық. Сайлаўларды өткериў ямаса шөлкемлестириўдиң басқа да мәселелери бойынша физикалық ҳәм юридикалық шахслардың мүрәжатларын көрип шығыў тәртиби тастыйықланбақта.

Алтыншы жаңалық. Сиясий партиялар тәрепинен имза жыйнаў процесинде сайлаўшылардың бир ямаса бир неше талабанларды ямаса партияларды қоллап-қуўатлап имза қойыўы мүмкинлиги белгиленбекте.

Жетинши жаңалық. Даўыс бериў процесинде сайлаўшыларға бир неше белгилерден (+, v, Х) бирин қойыў имканияты берилмекте.

Буннан тысқары, процессуал, яғный тиккелей сайлаў процесслери менен байланыслы бир қатар жаңа қағыйдалар енгизилмекте. Соның ишинде:

  • Сайлаў участкасында даўысларды санаў протоколының нусқасын дәрҳал жайластырыў тәртиби белгиленбекте.
  • Даўыс бериў жуўмақланғаннан кейин участкалық сайлаў комиссиясы тәрепинен әмелге асырылатуғын ҳәрекетлер (даўысларды санап шығыў, протокол дүзиў ҳәм басқалар) көрсетилмекте.
  • Пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, жәмийетлик бирлеспелер тәрепинен участкалық сайлаў комиссиясы ағзалығына талабанлар бойынша усыныслар киргизиў тәртиби белгиленбекте.
  • Нызамшылық палатасына, жергиликли Кеңеслерге сайлаў бир ўақытта өткерилген жағдайда бирден-бир сайлаў участкаларын дүзиў нәзерде тутылмақта.
  • Бурын Орайлық сайлаў комиссиясының қарары менен тастыйықланған Олий Мажлис Сенаты ағзаларын сайлаў тәртиби ҳаққындағы режени бийкар етип, Сенат ағзаларын Кодекс дәрежесинде сайлаў мәселеси киргизилмекте.
  • Сайлаў комиссиясы ағзалары ушын жаңа талаплар орнатылмақта. Бунда талабанлардың жақын туўысқанлары ҳәм исенимли ўәкиллери, сондай-ақ, талабанларға тиккелей бойсынатуғын шахслар сайлаў комиссиясының ағзалары болыўы мүмкин емеслиги белгиленбекте.
  • Талабанлар исенимли ўәкиллериниң Өзбекстан Республикасындағы сапар қәрежетлери сайлаўды өткериў ушын ажыратылған қаржылары есабынан төлениў тәртиби белгиленбекте.

Сайлаў кодекси жойбарында сайлаў тараўына қәнигелестирилген халықаралық шөлкемлер тәрепинен усыныс етилген пикир-усыныслар да өз көринисин тапқан. Атап айтқанда, ЕҚБШның Демократиялық институтлар ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы және Венеция комиссиясының төмендеги 10 усынысы Өзбекстан Республикасы сайлаў кодексиниң жойбарына киргизилди:

– Социаллық қәўпи үлкен болмаған ҳәм онша аўыр болмаған жынаятларды ислеген шахслардың (2,3 мың адам) сайлаўда қатнасыўын шеклейтуғын нормалар шығарып тасланбақта.

– Сайлаў округлерин дүзиўде сайлаў округлериндеги сайлаўшылар санының жол қойылатуғын максимал шетке шығыўы 10 проценттен аспаў  шәрти белгиленбекте.

– Нызамшылық палатасына сайлаў бойынша сайлаў округлерин дүзиўде Орайлық сайлаў комиссиясы ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлериниң емес, ал халық депутатлары ўәлаятлық ҳәм Ташкент қалалық Кеңеслериниң усынысларына тийкарланыўы нәзерде тутылмақта.

– Сайлаўшылардың дизимине өзгерислер киргизиў сайлаўға 3 күн қалғанда тоқталыўы белгиленбекте.

– Мүддетинен бурын даўыс бериў сайлаўға 3 күн қалғанда жуўмақланыўы белгиленбекте (бурынғы 1 күн орнына).

– Жынаят иси қозғатылғаны мүнәсибети менен нызам алдында жуўапкер болған пуқаралардың Өзбекстан Республикасы Президентин сайлаўға талабан сыпатында дизимге алыныўына рухсат етилиўи нәзерде тутылмақта.

-Сиясий партияның ол ямаса бул шахсты талабан етип көрсетиўи ҳаққындағы өз қарарын сайлаўға кеши менен 15 күн қалғанда бийкар етиў ҳуқықына ийе екени орнатылмақта.

– Үгит-нәсият жумысларын баслаўда барлық талабанлар ушын бирден-бир мүддет, яғный оларды дизимге алыў ушын белгиленген ақырғы күнниң ертеңинен басланыўы көрсетилмекте.

– Халық депутатлары ўәлаятлық Кеңеси депутатлығына талабанлардың исенимли ўәкиллериниң санын 3 адамнан 5 адамға көбейтиў нәзерде тутылмақта.

– Сайлаў күни ҳәм даўыс бериў басланыўынан 1 күн бурын жәмийетлик пикир сораўларының нәтийжелерин, сайлаў нәтийжелери прогнозларын өткерилип атырған сайлаў менен байланыслы басқа да қәўип-қәтерлерди жәриялаў қадаған етилмекте.

ЕҚБШның Демократиялық институтлары ҳәм инсан ҳуқықлары бойынша бюросы усыныс еткен төмендеги 3 усыныс Өзбекстан Республикасы Сайлаў кодекси жойбарына киргизилмеди:

– бийғәрез талабанлардың сайлаўларда талабан сыпатында қатнасыўына рухсат бериў;

– талабанлардың абырайына ҳәм қәдир-қымбатына зыян келтиретуғын надурыс мәлимлеме ҳәм мағлыўматларды тарқатыў мүмкин емеслиги бойынша ғалаба хабар қуралларына қойылған қадағалаўды бийкар етиў;

– сайлаў процесслерин бақлаўда «пуқаралық бақлаў» институтын енгизиў.

Усы жерде Сайлаў кодекси жойбарында пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының ўәкиллери сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасыўы мүмкин екенине байланыслы норма бар екенин атап өтиў керек.

Сондай-ақ, Сайлаў кодекси жойбарында Орайлық сайлаў комиссиясына байланыслы төмендеги жаңалықлар нәзерде тутылған.

Биринши жаңалық – Орайлық сайлаў комиссиясы ағзаларына талаплар қойылмақта (жигирма жасқа толған, әдетте, жоқары мағлыўматқа, сайлаўларды шөлкемлестириў ҳәм өткериў бойынша жумыс тәжирийбесине ийе болған, жәмийет арасында абырайлы және кеминде кейинги бес жыл Өзбекстан Республикасы аймағында турақлы жасап келген пуқара Орайлық сайлаў комиссиясының ағзасы болыўы мүмкин).

Екинши жаңалық – Орайлық сайлаў комиссиясының ағзалары статусы бойынша Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутатларына ҳәм Сенат ағзаларына теңлестирилмекте.

Жуўмақлап айтқанда, Президентимиз басламасы менен ислеп шығылған Сайлаў кодексиниң жойбары жәриялылық, ашық-айдынлық, ҳақықыйлық, қалыслық сыяқлы демкоратиялық принциплерди өзинде сәўлелендирип, актуал мазмун-мәнис ҳәм үлкен ҳуқықый, жәмийетлик және сиясий әҳмийетке ийе болмақта. Бул Кодекстиң қабыл етилиўи, бәринен бурын, елимиздиң сайлаў системасында нызам ҳүжжетлери нормалары қайталаныўының алдын алыў имканиятын береди.

Ең әҳмийетлиси, бул Кодекстиң турмысқа енгизилиўи елимизде сайлаў процесслери және де ашық-айдын руўхында өтиўин тәмийинлейтуғын жаңа, алдынғы әмелиятты енгизиўди ҳуқықый жақтан кепиллейди.

Акмал САИДОВ,

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы

Демократиялық институтлар, мәмлекетлик емес

шөлкемлер ҳәм пуқаралардың өзи-өзи басқарыў уйымлары

 комитетиниң баслығы

«Халқ сўзи»  газетасы

2019-жыл 16-февраль №33 (7263)