Профессионаллық бокста жеңисти қолға киргизип киятырған жерлесимиз, Рио олимпиадасы чемпионы Шаҳрам Ғиёсов шемби ақшамында жетинши беллесиўин өткереди.

23-февраль ақшамында (бизлерде 24-февраль таңына туўра келеди) ол Мексиканың Тихуана қаласында өткерилетуғын беллесиўде мексикалық боксшы Эдгар Пуэртоға қарсы рингке көтериледи.

Шаҳрам усы күнге шекем профессионаллық бокста 6 беллесиў өткерип, олардың барлығында да жеңиске ерискен. Олимпия чемпионы әне сол беллесиўлердиң бесеўин мүддетинен алдын өз пайдасына шешкени де мақтаўға ылайық.

Тәжирийбели Эдгар Пуэрто болса усы күнге шекем проф рингте 37 беллесиў өткерген ҳәм солардың 25ин жеңиске ерискен (соннан 19ын нокаут пенен). Өз гезегинде Пуэрто 11 беллесиўде жеңип қалған, 5 рет нокаутқа ушыраған ҳәм бир беллесиўде теңбе-теңликке ерискен.

Болажақ беллесиўде ерисилген жеңис Ғиясовты жәҳән рейтингинде буннан былай да жоқарылаўын ҳәм чемпионлық белбеўине талабанлар қатарынан орын алыўын тәмийинлейди.

ӨзА