«Ҳуқықый мәлимлеме» каналы кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар төлениў тәртибин және бир мәрте еслетти.

Кем тәмийинленген шаңарақларға берилетуғын социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдемниң төмендеги түрлери бар:

  • 14 жастағы балалары болған шаңарақларға напақа;
  • бала еки жасқа толғанға шекем бала тәрбиясы бойынша напақа;
  • кем тәмийинленген шаңарақларға материаллық жәрдем.

Кем тәмийинленген шаңарақларға социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем бериў және төлеў тәртиби ҳаққындағы нызамға муўапық балалы шаңарақларға напақа ҳәм материаллық жәрдем 6 ай мүддетке, бала тәрбиялаў бойынша напақа болса 12 айға бериледи, бирақ бала еки жасқа толған айдан кейинги айға өтпеўи керек.

Егер туўылған, перзентликке алынған ямаса қәўендерликке қабыл етилген еки ҳәм оннан зыят балаларды тәрбияласа, бундай жағдайда бала тәрбиясы бойынша напақа кишкене бала еки жасқа толғанына шекем бир есе муғдарда төленеди.

Балалы шаңарақларға напақа, баланы тәрбиялаў бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем бериў және төлеў ҳаққындағы қарар пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы – посёлка, аўыл, сондай-ақ, қалалардың мәкан пуқаралар жыйыны ямаса усындай қарарларды қабыл етиў ушын пуқаралар жыйыны тәрепинен ўәкиллик берилген Комиссия тәрепинен қабыл етиледи.

Бул комиссия қурамы кеминде 15 адамнан ибарат болыўы керек.

Комиссия қарары, оның жыйналысында тастыйықланғаннан қурамның кеминде үштен еки бөлеги қатнасса нызамлы болып есапланады.

Пуқаралар жыйыны тәрепинен мүтәж деп табылған шаңарақ напақасы ямаса материаллық жәрдемниң тек ғана бир түрин алыў ҳуқықына ийе.

Нызамда 14 жаста болған еки ҳәм оннан зыят балаларды тәрбиялап атырған, басқа туўысқанлардан бөлек жасап атырған жалғыз баслы ҳаяллар (жалғыз баслы ерлер), майып баласы (балалары) болған шаңарақларға напақа, бала тәрбиялаў бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем ҳәр бир шаңарақ ағзасына орташа мийнет ҳақысының дәраматы 304 мыңнан кем болғанда бериледи.

Шаңарақ ағзасына туўра келетуғын орташа мийнет ҳақысының жәми дәраматы, балалы шаңарақларға напақа, бала тәрбиялаў бойынша ямаса материаллық жәрдем алыў ушын мүрәжат етилген айдан алдынғы ақырғы үш ай ушын есаплап шығылған шаңарақтың мийнетке жарамлы ҳәр бир ағзаның орташа мийнет ҳақының дәрамат суммасын шаңарақ қурамына киргизилетуғын шаңарақ ағзалары санға бөлинген ҳалда анықланады.

Балалы шаңарақларға напақа, бала тәрбиялаўы бойынша напақа ҳәм материаллық  жәрдем алыў ушын шаңарақ қурамына:

  • балалардың әкеси, анасы ямаса некедеги ҳәр еки ата-анасы (перзентликке алыўшылар);
  • ата-аналар менен бирге жасайтуғын ҳәм олардың қарамағында болған балалар, сондай-ақ, ата-аналары менен бирге жасайтуғын және өз шаңарағына ийе болмаған 16 жастан үлкен жастағы балалар (соның ишинде, перзентликке алынған балалар);
  • балалардың олар менен биргеликте жасайтуғын аталары ҳәм кемпир апалары;
  • балалардың ата-аналары (перзентликке алыўшылар) менен биргеликте хожалық жүргизиўши басқа да шахслар киргизиледи.

Шаңарақтың биргеликте жасаўшы ағзалары қурамы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымы тәрепинен белгиленеди.

Орташа мийнет ҳақының дәрамат муғдарын есаплап шығыўда есапқа алынатуғын шаңарақтың жәми дәраматына, шаңарақ ағзалары тәрепинен алынған төмендеги дәраматлар киргизиледи:

  • мийнетке ҳақы төлеў тәризиндеги дәраматлар;
  • мүлклик дәраматлар;
  • жеке тәртиптеги исбилерменликтиң дәраматы;
  • сырт елде ислеп атырған ямаса исбилерменлик жумусын әмелге асырып атырған шаңарақ ағзаларынан пүл түсимлериниң суммасы;
  • пенсиялар, стипендиялар ҳәм напақалар;
  • жеке жәрдемши (дийқан) хожалығын жүргизиўден алынған дәрамат.

Балалы шаңарақларға напақа, бала тәрбиясы бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем арза бериўшиниң өзин-өзи басқарыў уйымына мүрәжат еткен айдың кейинги айынан баслап төленеди.

ӨзА