Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде өзбек әдебиятының көрнекли ўәкили, миллий романшылық мектебиниң тийкарын салыўшы, тилши, сыншы, журналист ҳәм аўдармашы Абдулла Қәдирийдиң туўылғанының 125 жыллығына бағышланған «Өтмишке қайтып ис тутпақ қайырлы» атамасында әдебий кеше болып өтти.

Илажды университет проректоры Ҳ.Турсынбаев басқарып барды. Буннан кейин филология илимлериниң кандидаты, доцент О.Дүйсенбаев, Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов, балалар шайыры Я.Әжимов, филология илимлериниң кандидаты, доцент П.Нуржанов ҳәм басқалар шығып сөйлеп, жас әўладтың миллий рухыятын беккемлеўде А.Қәдирий мийрасының орны, жазыўшы дөретиўшилигиниң қәдириятлық-улыўма инсаныйлық мазмун-мәниси, қарақалпақ әдебиятына тәсири, түркий халықлардың романшылығындағы дәстүрлерине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2018-жыл 3-декабрьдеги «Уллы жазыўшы Абдулла Қәдирий дөретиўшилигиниң үлкен әҳмийетин есапқа алып,  жас әўладтың қәлбинде Ўатанға мухаббат ҳәм садықлық, бабаларымыздың руўхый мийрасын менен мақтаныш сезимлерин раўажландырыў және жазыўшының туўылғанының 125 жыллығын кеңнен белгилеў ҳаққында»ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў бағдарында республикамызда кең көлемли мәдений-ағартыўшылық илажлары өткерилмекте.

Ҳақыйқатында, жазыўшы өзиниң қысқа өмириниң ишинде нәтийжели дөретиўшилик пенен шуғылланды, келешек әўладқа бай әдебий мийрас қалдырды. «Өткен күнлер», «Меҳробдан чаён» романлары, «Обид кетмон» повести, басқа да бир қатар гүрриңлери өзбек әдебиятында реализмниң пайда болыўына унамлы тәсир жасады.

Уллы шығыстаныўшы илимпаз Евгений Бертельстиң атап өткениндей, Абдулла  Қәдирийдиң романлары тили ҳәм дүзилиси жағынан және бийтәкирар усылына қарай ҳақыйқый өзбек романлары болып табылады. Ҳәзирге шекем жәҳән әдебиятында бес, яғный, француз, рус, инглиз, немис, ҳинд романшылық мектеплери белгили еди. Абдулла  Қәдирий олардың қатарына алтыншы-өзбек романшылық мектебин қосты.

Илажда студент жаслар тәрепинен жазыўшының өмири ҳәм шығармалары тийкарында таярланған сахналық көринис қойып берилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги.