Усы жылдың 11-январь сәнесинен баслап республикамызда биринши мәрте Өзбекстан мәмлекетлик Денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң Нөкис филиалы өзиниң дәслепки оқыў жылын баслады.

Республикамызда денетәрбиясы ҳәм спорт тараўында қәниге-тренерлерди таярлап шығарыўы күтилип атырған бул оқыў дәргайы жаслар ушын кең имкәниятлар есигин ашты.

Филиалда студент-жаслардың ҳәр тәреплеме терең билим алыўы ҳәм келешекте жетик қәниге болып жетилисиўи ушын жетерли шараятлар жаратылған. Олар ушын оқыў, лаборатория, заманагөй компьютер бөлмелери ҳәм мәлимлеме-ресурс орайы бар болып, олар зәрүрли оқыў қолланбалар, илимий ҳәм көркем әдебиятлар менен тәмийинленген.

– Елимизде жоқары билимлендириў тараўын раўажландырыў ҳәм олардың материаллық-техникалық базасын беккемлеў, зәрүр қәнигелерди таярлаўға қаратылып атырған итибар нәтийжесинде усы оқыў дәргайының ашылғанлығы Қарақалпақстан денетәрбиясы  ҳәм спорты тараўы ушын тарийхый ўақыя болды,  – дейди филиал директоры Байрамбай Мамбетов. – Оқыў дәргайымызға Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети ҳәм Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультетине ҳүжжет тапсырып, жетерли балл топлай алмаған  (56,7 балл ҳәм оннан жоқары балл топлаған, Қарақалпақстан Республикасында турақлы жасап атырған ҳәм Нөкис Олимпия резервлери колледжин тамамлаған абитуриентлер), бирақ спортқа қызығыўшылығы жоқары болған бир қатар жаслар «студент» болыў бахтына миясар болды.

Филиал студентлерине гимнастика бойынша спорт шебери У.Адилбеков, ескек есиў бойынша спорт шебери, Қарақалпақстан сайланды командасының бас тренери Р.Ильясов, Қарақалпақ мәмлекетлик университети оқытыўшысы М.Рамазанов, Әл-Хорезмий атындағы Ташкент мәлимлеме технологиялары университети Нөкис филиалы оқытыўшысы Ш.Ядгаров ҳәм басқа да тәжирийбели оқытыўшылар студентлерге тәлим-тәрбия бермекте.

Филиал өзиниң алдына спорт хызмети, денетәрбиясы ҳәм спорт менеджменти, мектепке шекемги ҳәм басланғыш билимлендириў денетәрбиясы ҳәм спорт, психология (спорт) бағдарлары бойынша жоқары қәнигели кадрларды халықаралық стандартлар дәрежесинде сапалы таярлаўды тәмийинлеў, алдыңғы сырт ел тәжирийбелеринен пайдаланған ҳалда спорт тараўына бағдарланған илимий-әмелий изертлеўлерди алып барыў, республикалық ҳәм сырт ел жетекши жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орайлар менен байланысларды раўажландырыў, республика ҳәм сырт ел жоқары оқыў орынлары ҳәм илимий орынларға  қәбилетли жас питкериўшилерди  магистратура ҳәм докторантураға турақлы жибериў арқалы илимий-педагогикалық потенциалды арттырып барыўды тийкарғы ўазыйпа етип белгилеген.

-Университет филиалының ашылыўы биз жасларға үлкен саўға болды. Еки жыл даўамында Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының дене мәденияты факультетине ҳүжжет тапсырып, 76 балл топлап кире алмаған едим. Мине бүгин филиалдың студентине айландым, – дейди филиал студенти, спорттың еркин гүрес түри бойынша халықаралық турнирдиң сыйлы орын ийеси Баҳадыр Халмуратов.- Президентимиз тәрепинен усындай үлкен имканият жаратылып берилип атырған екен, мен буннан нәтийжели пайдаланып, оқып, изленип, мийнет етип, келешекте жоқары дәрежели тренер болып жетилисип, билдирилген исенимди ақлаўға ҳәрекет етемен.

Мағлыўмат орнында, филиалда усы 2019-2020-оқыў жылында бакалавриатураның  7 тәлим бағдары: көркем гимнастика, дзюдо, баскетбол, волейбол, ескек есиў, еркин гүрес, мектепке шекемги ҳәм баслаўыш тәлимде денетәрбиясы ҳәм спорт тәлим бағдарлары бойынша оқыў баслап жиберилген болса,  келеси 2020-2021-оқыў жылында бул тәлим бағдарлары қатарына бокс, жүзиў, гүрес, футбол, ал 2021-2022-оқыў жылында болса жеңил атлетика, аўыр атлетика, қол тобы, грек-рим гүреси бағдарлары қосылыўы күтилмекте.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы