21-февраль күни Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен қаламызда жайласқан барлық улыўма билим бериў ҳәм орта арнаўлы оқыў орынларынан  7-9, 11-13, 15-19 жас аралығындағы  оқыўшы-жаслар арасында «Жаслар шахмат тахтасы» турнириниң Нөкис қалалық басқышы өткерилди.

– Турнирди өткериўдеги мақсетимиз, жәмийетимизде социаллық-руўхый мәдениятымызды және де жетилистириў, өсип киятырған жас әўладты уллы бабаларымыздың мүнәсип избасарлары етип тәрбиялаў, миллий үрип-әдетлеримизди қәдирлеў жасларымызды жаман иллетлерден, зыянлы ағымлар тәсиринен  қорғаў, жасларды спорт жарысларына кең көлемде тартыў ҳәм спорттың шахмат түрин раўажландырыў болып есапланады, – дейди Өзбекстан жаслар аўқамы Нөкис қалалық Кеңеси «Камалак» балалар шөлкеми баслығы Азамат Абибуллаев.

Қалалық басқышқа улыўма 550 оқыўшы-жаслар қатнасып, ҳәр бир жас категориясы бойынша 1-орынды ийелеген 11 оқыўшыға турнирдиң Қарақалпақстан Республикалық басқышына жоллама берилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.

 

Фотолар авторы: Мақсет Ҳабибуллаев.