Халықаралық әскерий-спорт кеңеси (CISM) бас хаткери Дорах Мамби Коита Ташкент қаласында әмелий сапар менен болды.

130 дан аслам мәмлекет ағза болған Халықаралық кеңес бир қатар халықаралық жарыслар ҳәм регионаллық чемпионатлар, соның ишинде, қысқы ҳәм жазғы Пүткилжәҳән әскерий ойынлардың шөлкемлестириўшиси болып табылады.

Сапар шеңберинде мийман Өзбекистан Республикасы Қураллы Күшлери мәмлекетлик музейи ҳәм Олимпия данқ музейи экспозициясы менен танысты, әскерий спортшылар – МҲСК клубы ағзалары менен ушырасты.

Өзбекистан Республикасы Миллий олимпия комитетинде болып өткен ушырасыўда Өзбекистан спортшыларының түрли халықаралық жарыслардағы қатнасын кеңейтиў, бул бағдарда бирге ислесиўди буннан былай да беккемлеў мәселелери додаланды.

Д.Коита пайтахтымыздағы Азия дзюдоны раўажландырыў орайы, «Бунёдкор» стадионы сыяқлы спорт объектлери менен танысты.

Аблай КАМОЛОВ,

ӨзАның хабаршысы