Халқаро гроссмейстер Нодирбек Абдусатторовга Президентимиз совғаси топширилди

Шахмат бойынша жәҳән чемпионы халықаралық гроссмейстр Нодирбек Абдусатторовқа Президентимиздиң саўғасы тапсырылды.

Усы мүнәсибет пенен Шахмат бойынша республикалық қәнигелестирилген балалар-жасөспиримлер спорт мектебинде илаж болып өтти.

Өзбекистан Республикасы Дене тәрбиясы ҳәм спорт бойынша мәмлекетлик комитетиниң баслығы Р.Қурбонов ҳәм басқалар балалар спортын раўажландырыў, өсип киятырған жас әўладтың физикалық тәрбия ҳәм спорт пенен шуғылланыўына кең имканият жаратыў, олардың қәбилети менен потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылып атырған турақлы итибар ҳәм ғамқорлықтың нәтийжесинде елимиз жаслары жәҳән спорт ареналарында жоқары нәтийжелерге ерисип атырғанын айрықша атап өтти.

Жас шахматшымыз Нодирбек Абдусатторов ерисип атырған нәтийже буның айқын дәлили болып табылады. Нодирбек 2011-жыл еки ири жарыста – Ҳиндистанда мектеп оқыўшыларының Азия чемпионатында алтын ҳәм Филлиппинде жас өспиримлер арасындағы континент бириншилигинде бронза медальды қолға киргизген. 2012-жыл Словенияның Марибор қаласында өткерилген жәҳән чемпионатында алтын медальға сазаўар болған, Ҳиндистанның Дели қаласында мектеп оқыўшылары арасындағы VIII Азия чемпионатының рапид – жедел шахмат жарысларында гүмис медаль менен сыйлықланған.

2014-жыл пайтахтымызда өткерилген шахмат бойынша Азия чемпионатында Нодирбек Абдусатторов он жасқа шекем болған шахматшылар жарысында текшениң ең жоқарысына көтерилген, блиц турнирде болса гүмис медальды қолға киргизген. Қубла Африка Республикасының Дурбан қаласында болып өткен шахмат бойынша 8-18 жаслы ер балалар ҳәм қызлар арасында өткерилген Жәҳән чемпионатында екинши орынды ийелеген.

2016-жыл Россияның Сочи қаласында  мектеп оқыўшылары арасында өткерилген Жәҳән чемпионатында еки алтын медальға сазаўар болған. 2016-2017-жылларда Россия ҳәм Бирлескен Араб Әмирликлеринде өткерилген абыройлы жарысларға мүнәсип қатнасып, халықаралық гроссмейстер талабын орынлаған.

– Перзентимниң бундай үлкен жетискенликлерге ерисип атырғаны елимизде жасларға қаратылып атырған үлкен итибардың нәтийжеси, – дейди Нодирбектиң атасы Фазлиддин Очилов. – оның халықаралық майдандағы абыройлы жарысларда Ўатанымыздың абыройын мүнәсип қорғап, елимиз жаслары қәбилет ҳәм потенциалы жағынан ҳеш кимнен кем емеслигин ҳәм ҳеш қашан кем болмайтуғынын дәлилеп атырғанынан қуўанышлыман.

Жәҳән чемпионы, халықаралық гроссмейстер Нодирбек Абдусатторов Президентимиз Шавкат Мирзиёев тәрепинен ең соңғы маркадағы заманагөй ноутбук пенен сыйлықланды.

– Президентимиздиң биз жасларға көрсетип атырған жоқары исенимин ақлаўға ҳәрекет қыламан, – дейди Нодирбек Абдусатторов. – Бул исеним бизге келешекте буннан былай да жоқары шеклерди ийелеўге күш-жигер бағышлайды.

Байрам АЙТМУРАТОВ,

ӨзАның хабаршысы