15-февральдан баслап Мәмлекетлик хызметлер орайы хызметкерлери мүрәжат етиўшилерди арнаўлы униформада күтип алады.

Мәмлекетлик хызметлер агентлиги тәрепинен бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң жаңа стандартларын енгизиў ушын ис-ҳәрекетлер әмелге асырылмақта.

Мүрәжат етиўшилер орайға келгенде, биринши болып нәзери – усы хызметкерлердиң сыртқы көринисине, олардың қатнас жасаў мәдениятына итибар береди. Сонлықтан, бүгинги күнде мәмлекетлик хызметлер орайларына келген ҳәр бир шахс өзин қолайлы, олардың пикир-усынысларын есапқа алып атырғанлығын сезиўине айрықша итибар қаратылмақта.

Униформаны ислеп шығыўда қәнигелер ҳәр бир хызметкердиң индивидуал имиджи – шөлкем ҳаққында улыўма баҳа беретуғын бирден-бир корпоративлик элементи  екенлигин тийкар етип алды.

Жаңа форма хызметкерлердиң жуўапкершилигин және исшеңлигин сыпатлайтуғын, қолайлы ҳәм ықшам. Униформа комплектлери өз ишине арнаўлы кестеге ийе пиджак ҳәм жакет, сондай-ақ, еркеклерде топлам менен бир реңдеги галстук ҳәм шалбар, ҳаял-қызларда үш мүйешли мойынға тағатуғын орамал ҳәм юбкаларды қамтып алады. Улыўма айтқанда, Мәмлекетлик хызметлер орайларының хызметкерлери өз кәсиплерине мүнәсип көринисте болады.

Еслетип өтемиз, алдынлары биз Орайлардың хызметкерлери ушын тастыйықланған принциплер ҳаққында айтып өткенбиз. Үмит етемиз, мүнәсип сыртқы көринис, сондай-ақ, мәмлекетлик хызметлерди көрсетиўдиң улыўма жаңа форматы бар бюрократ-ҳәмелдарлардың стереотипин жоқ етип, халыққа ашық болған мәмлекетлик хызметкерлердиң жаңа тымсалын жаратыўға жәрдем береди.

ӨзА