Дизимге «Өзбекстан Республикасы Бас психиатры» ҳәм «Өзбекстан Республикасы Бас суицидологи» лаўазымлары киргизилди.

2019-2025-жыллары Өзбекстан Республикасы халқының руўхый саламатлағын қорғаў хызметин раўажландырыў концепциясын тастыйықлаў ҳаққындағы Президент қарары қабыл етилди. Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабар берди.

Қарар менен 2019-2025-жыллары Өзбекстан Республикасы халқының руўхый саламатлығын қорғаў хызметин раўажландырыў концепциясы ҳәм усы Концепцияны әмелге асырыў бойынша комплексли илажлар тастыйықланды.

Концепцияның тийкарғы ўазыйпаларынан бири психикалық жағдайы бузылған шахслардың мәплери жолында ҳәкимшилик сапасын арттырыў, психиатриялық хызмет пенен мәмлекетлик ҳәм мәмлекетлик емес шөлкемлер арасында нәтийжели бирге ислесиў системасын қәлиплестириў болып есапланады.

Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң лаўазымлар дизимине «Өзбекстан Республикасы Бас психиатры» ҳәм «Өзбекстан Республикасы Бас суицидологи» лаўазымлары киргизилди.

Психикалық жағдайы бузылған шахслар оларға психиатриялық жәрдем көрсетилиўи ўақтында бийпул юридикалық жәрдем алыў ҳуқуқына ийе екенлиги белгиленди.

Жаңа редакциядағы «Психиатриялық жәрдем хаққында»ғы нызам ислеп шығылып, онда халықтың руўхый саламатлығын қорғаў тараўындағы ўәкилликли мәмлекетлик уйымлардың функциялары ҳәм ўәкилликлери анық шегараланыўы нәзерде тутылады.

ӨзА