«Исеним телефонлары» арқалы жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларға жәрдем көрсетиў системасы шөлкемлестириледи.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 11-февраль күни «Жетим балалар ҳәм ата-анасының қарамағынан айрылған балаларды социаллық қорғаўды күшейтиўге байланыслы қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди.

Қарарда «Исеним телефонлары» арқалы жетим балалар ҳәм ата-анасының тәрбиясынан айрылған балаларға жәрдем көрсетиў системасы шөлкемлестирилиўи белгиленди.

Бул ҳүжетке муўапық, тәрбия мәкемелери төмендегилерден азат етилди:

  • жетим балаларды жайластырыў менен байланыслы ҳүжжетлерди рәсмийлестириўдеги төлемлерден;
  • жетим балаларды қорғаў мақсетинде судларға арза менен мүрәжат етиўде мәмлекетлик бажы ҳәм басқа да төлемлерден.

Сондай-ақ, банклер жетим балаларға жас шаңарақлар ушын нәзерде тутылған шәртлерде жеңиллетилген ипотека кредитлери ҳәм исбилерменлик жумысы менен шуғылланыў ушын кредитлер ажыратады.

ӨзА