Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары бир ўақыттың өзинде Бас министрдиң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарының кеңесгөйи есапланады.
Денсаўлықты сақлаў системасындағы реформаларға алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиўге байланыслы шөлкемлестириў илажлары ҳаққындағы Президенттиң қарары қабыл етилди.
Бул ҳаққында Әдиллик министрлигиниң «Ҳуқықый мәлимлеме» каналы хабарлады.
Қарар менен денсаўлықты сақлаў тараўына алдынғы сырт ел тәжирийбесин енгизиў бойынша усыныслар таярлаў ҳәм реформаларды экспертлер тәрепинен қоллап-куўатлаў бойынша Денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары лаўазымы енгизилди.
Министрдиң орынбасары, соның ишинде, төмендегилер ушын жуўапкер болып есапланады:
- халықаралық стандартлар ҳәм Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң усынысларын имплементациялаған ҳалда денсаўлықты сақлаў тараўын комплексли ҳуқықый тәртипке салыў;
- денсаўлықты сақлаўды қаржыландырыў ҳәм шөлкемлестириў системасын жетилистириў;
- мәжбүрий медициналық қамсызландырыўды енгизиў;
- мәмлекетлик-жеке меншик шериклик ҳәм медициналық туризмнен пайдаланыўдың ең жақсы әмелиятларын енгизиў;
- тараўға инвестицияларды кеңнен тартыў ушын қолайлы шараятлар жаратыў ҳәм бәсеки орталығын жақсылаў.
- «электрон денсаўлықты сақлаў» системаларын кеңнен енгизиў.
Бул лаўазымға денсаўлықты сақлаў тараўындағы жоқары маманлықтағы сырт ел қәнигеси тартылады ҳәм ол Президент тәрепинен тайынланады.
Сондай-ақ, денсаўлықты сақлаў министриниң орынбасары бир ўақыттың өзинде Бас министрдиң социаллық раўажландырыў мәселелери бойынша орынбасарының кеңесгөйи есапланады.
ӨзА