USD 10500.03
EUR 12607.39
RUB 140.7

Сийшемби, 24 Декабрь

Сайт тест режиминде ислеп тур. Қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.

ЭКОНОМИКА ТАРМАҚЛАРЫНДА ҲӘМ АЙМАҚЛАРДА ЭКСПОРТ КӨЛЕМИН АРТТЫРЫЎ ЎАЗЫЙПАЛАРЫ БЕЛГИЛЕП БЕРИЛДИ

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басшылығында 6-февраль күни экономика тармақларында ҳәм аймақларда экспорт көлемин арттырыў бағдарындағы ең әҳмийетли ўазыйпаларға бағышланған видеоселектор мәжилиси болып өтти.

Оған Бас министр ҳәм оның орынбасарлары, министрликлер ҳәм уйымлардың басшылары, видеоконференцбайланыс арқалы Қарақалпақстан Республикасы, ўәлаятлар, Ташкент қаласы басшылары, ири компаниялардың ўәкиллери, елшилер қатнасты.

Экспорт – экономика турақлылығының тийкарғы факторы. Валюта резервин көбейтиўдиң бирден-бир жолы да экспорт көлемин кескин арттырыў болып табылады.

Елимизде экспорт жумысын жеңиллетиў ҳәм қоллап-қуўатлаў бағдарында көрилип атырған илажлардың нәтийжесинде өткен жылы экспорт көлеми 14 миллиард 258 миллион долларды қурап, 13,6 процентке өскен.

Кейинги еки жылда экспорт географиясы 50 мәмлекетке кеңейип, 140қа жеткен. Экспортқа 120 жаңа түрдеги өним шығарылған. Экспорт қурамында таяр өнимлердиң үлеси 56 процентти қурап, аймақлық санаат экспорты дерлик 1,7 есеге өскен. Бирақ соған қарамастан, еле де елимиздиң экспорт потенциалынан толық пайдаланылмай атыр.

Мәжилисте Президентимиз экспортқа қолайлы өнимлердиң қурамын диверсификациялаў, экспортта шийки зат емес өнимлердиң үлесин кеминде 60 процентке жеткериў зәрүрлигин атап өтти. Усы мақсетте Өзбекстан Республикасының 2019-2025-жылларға мөлшерленген миллий экспорт стратегиясын ислеп шығыў бойынша тапсырма берди.

Бул стратегия экспортёрларға көрсетилип атырған мәмлекетлик хызметлерди толық электрон түрге өткериў, оларды қаржылай қоллап-қуўатлаў, елимизди «Doing Business» рейтингинде «сыртқы саўда» көрсеткиши бойынша жоқары 50 мәмлекеттиң қатарына киргизиў мәселесин қамтып алады. Сырт ел тәжирийбесинен келип шығып, экспорт етиўшилердиң жумысын муўапықластырыў, оларға ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў мақсетинде Өзбекстан экспортёрлар ассамблеясы шөлкемлестириледи.

Видеоселектор мәжилисинде экспортты көбейтиўде жол қойылған кемшиликлерди сапластырыў, бул бағдардағы жумысларды жанландырыў мәселелери додаланды.

Өткен жылы аймақлық экспорт прогнозы орынланбағаны, әсиресе, Қашқадәрья, Сурхандәрья, Самарқанд, Жиззақ, Наманган ўәлаятлары ҳәм Ташкент қаласында бул бағдарда арқайынлыққа жол қойылғаны атап өтилди. Аймақлық мийўе-овощ экспорты прогноздан бираз аз болғаны, бирде-бир аймақта бул бағдардағы реже орынланбағаны сынға алынды.

Әлбетте, экспорт дүнья базарындағы конъюнктураға да байланыслы. Сырт еллердеги экспертлер быйыл да тийкарғы шийки зат өнимлериниң дүнья базарындағы баҳалары төмен болатуғынын прогноз етпекте. Сонлықтан, 2019-жылғы экспорт прогнозы өткен жылға салыстырғанда 30 процентке көп етип белгиленди.

Мәмлекетимиз басшысы экспорт прогнозын тәмийинлеўди анық есап-санақ тийкарында шөлкемлестириўди, бул бағдарда жаңа системаны жолға қойыўды усыныс етти. Оған муўапық, бәринен бурын, Республикалық экспорт бойынша штабтың жумысы түп-тийкарынан жетилистириледи. Штабтың ўәкиллери Қарақалпақстан Республикасына ҳәм ўәлаятларға бириктириледи.

Сондай-ақ, Бас министрдиң орынбасарлары ҳәм кеңесгөйлери өзлери жуўапкер болған министрликлер менен уйымлар және хожалық бирлеспелери тәрепинен экспорт прогнозының орынланыўына жеке жуўапкер етип белгиленеди.

Республикалық экспорт бойынша штаб, Бас министрдиң орынбасары және Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги тармақлар ҳәм аймақлар бойынша он күнлик экспорт кестелерин ислеп шығып, дүзилген экспорт шәртнамаларын сөзсиз орынлаў және қосымша келисимлерге қол қойыў илажларын көреди.

Екиншиден, ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қалада экспорт бойынша турақлы ислейтуғын штаблар шөлкемлестириледи. Олардың жуўапкерлигинде экспортқа қолайлы өнимлерди егиў, хожалықларды сапалы туқым ҳәм нәл менен тәмийинлеў, зүрәәтти зая етпей жыйнап алыў, сортлаў, қадақлаў, сақлаў ҳәм қайта ислеў, өнимлерди сыртқы базарға шығарыўға болған тутас система жолға қойылады. Сондай-ақ, бул штаблар ишки ҳәм сыртқы логистика, сертификация мәселелерине, киши бизнес субъектлериниң экспортын көбейтиў, керек болса, айланба қаржылар ушын кредитлер ажыратылыўына жәрдемлеседи.

Усы ўазыйпалардан келип шығып, ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм қалалық штаблардың қурамына экономика, аўыл хожалығы, транспорт, энергетика, бажыхана, стандартластырыў, карантин бойынша республикалық уйымлар, сондай-ақ, Саўда-санаат палатасының орынлардағы басқарма ҳәм бөлимлери және коммерциялық банклерден ўәкиллер киргизиледи.

Мәжилисте аймақтағы штаблар экспортёрлар менен турақлы түрде ислесип, машқалаларды оператив түрде шешип барыўы зәрүрлиги атап өтилди. Әмелге асырылып атырған жумыслардың нәтийжелери «онлайн» мағлыўматлар базасына киргизилип, қадағалап барылады.

Үшиншиден, министрлер ҳәм хожалық бирлеспелериниң басшылары өз бағдарындағы кәрханалар бойынша экспорт прогнозы орынланыўына жуўапкер болады.

Мысалы, «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы кластерлерде пахта шийки затын жетистириўден баслап, оны терең қайта ислеўге, республика бойынша барлық тоқымашылық өнимлериниң экспортына жуўапкер болады.

Сонлықтан, тармақларда заманагөй технологияларды тартқан ҳалда, жоқары қосымша қунлы товарлар ислеп шығарыўды көбейтиў зәрүрлиги атап өтилди.

Төртиншиден, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги Экспортты қоллап-қуўатлаў миллий системасын нәтийжели иске қосып, кәрханаларға сыртқы базарға шығыўға жәрдемлеседи, оларды қаржылай қоллап-қуўатлаў ҳәм қамсызландырыў илажларын көреди. Бул системаның жумысы экспорт штаблары менен биргеликте жолға қойылыўы, ең әҳмийетлиси, кәрханалар бул системаның нәтийжесин сезиўи зәрүрлиги атап өтилди.

Бесиншиден, экспортты тәмийинлеўде барлық министрликлер ҳәм уйымлар тиккелей қатнасады. Соның ишинде, Сыртқы ислер, Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрликлери елшилер менен биргеликте сырт еллердеги базар талапларын ҳәм буйыртпашыларды анықлап, экспорт штабларына турақлы усынып барады.

Аймақларға бириктирилген елшилер ҳәкимликлерге сыртқы базарда қарыйдар табыўға және жергиликли кәрханаларды сырт еллердеги көргизбелерге жибериўге жәрдемлеседи.

Алтыншыдан, транспорт ҳәм логистика хызметлерин жақсылаўға үлкен итибар қаратылады.

Бизге бегили, бул бағдарда 20 дан аслам халықаралық транспорт коридоры ҳәм жөнелислери жолға қойылған, автомобильде халықаралық жүк тасыў бойынша 30 мәмлекет пенен бирге ислесиў орнатылған. Бирақ логистика ҳәм жол инфраструктурасы, шегара-бажыхана пунктлери қуўатлылығы артып атырған транзит талапларына толық жуўап бермей атыр.

Жуўапкерлерге логистика орайлары ҳәм жол бойы инфрастуктурасын буннан былай да раўажландырыў, шегара-бажыхана пунктлериниң техникалық жағдайы ҳәм өткериўшеңлик қәбилетин жақсылаў, транспорт қуралларын ҳәм жүклерди рәсмийлестириўде мәлимлеме технологияларын кеңнен енгизиў бойынша тапсырмалар берилди.

Самолётта жолаўшы ҳәм жүк тасыў ушын тариф сиясатын оптималластырыў, жеке операторларға вагонлар паркин шөлкемлестириўге жәрдемлесиў, транзит мәмлекетлерден шегирмелер алыў ҳәм экспортёрларға енгизиў ўазыйпалары қойылды.

Жетиншиден, экспорт товарларын стандартластырыў ҳәм сертификатлаў талап дәрежесинде емеслиги, көпшилик стандартлар жәҳән стандартларына сәйкес келмейтуғыны оларды экспорт етиўде үлкен қыйыншылықлар туўдырмақта. Сонлықтан, «Өзстандарт» агентлигине мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте сертификатлаў ҳәм стандартластырыў бойынша жүзеге келген кемшиликлерди сапластырыў тапсырылды.

Мәжилисте мийўе-овощ өнимлерин экспорт етиўди нәтийжели шөлкемлестириў мәселелери де додаланды. Бул бағдарға қәнигелестирилген 67 районда егинлерди оптимал жайластырыў, жетистирилген мийўе-овощлардың кеминде 25 процентин экспортқа қаратыў зәрүрлиги атап өтилди.

Бул районларда мийўе-овощ кластерлерин шөлкемлестириў, бундай өнимлерди қайта ислейтуғын заманагөй кәрханаларды көбейтиў бойынша усыныслар берилди.

Ҳәмме анық билиўи керек. Экспортқа қолайлы сапалы мийўе-овощ жетистирилмесе ҳәм сырт елге жыл даўамында жеткерип берилмесе, экспортты кескин арттырып болмайды, деди Шавкат Мирзиёев.

Мийўе-овощ өнимлери экспортёрларына жеңиллик жаратыў мақсетинде Қазақстан, Қырғызстан, Беларусь ҳәм  Балтық бойы мәмлекетлери менен «жасыл коридор» системасын енгизиў, карантин хызметлеринен белгиленген тәртипте рухсатнама алыў арқалы Қытай, Қубла Корея, Япония, Ҳиндстан, АҚШ ҳәм Европа базарына кириў бойынша көрсетпелер берилди.

Мәжилисте және бир әҳмийетли мәселе – хызметлер экспортын кеңейтиў, әсиресе, туризмди раўажландырыўдың перспективалары ҳаққында сөз болды.

Макроэкономикалық турақлылық көп жағынан импортты тәртипке салыўға да байланыслы екени атап өтилип, импорттың орнын басатуғын өнимлер ислеп шығарыўды көбейтиў, импорттың тариф ҳәм тариф емес басқарыў сиясатын жетилистириў мәселелерине итибар қаратылды.

Видеоселектор мәжилисинде додаланған мәселелер бойынша жуўапкер басшылардың есабы тыңланды.

ӨзА