Жақында, 20-январь күни бокс бойынша орта салмақ категориясының «WBA Regular»  чемпионлық белбеўиниң ийеси, филиппинли боксшы Мэнни Пакьяоның Лос-Анджелестеги үйине басқыншылар урлыққа түскени ҳаққында хабар тарқалды.

Урылар қәўипсизлик системасын бузып, үйди тәртипсиз аўҳалға келтирген. Бул ўақытта боксшының өзи Лас-Вегасте болған. Үйде не жоғалғаны ҳаққында  мәлим етилмеген. АҚШ полициясы урыларды излемекте.

Еслетип өтемиз, Пакьяо 2019-жылдын 19-январь күни америкалы боксшы Эдриэн Бронерге қарсы рингке шығып, чемпионлық белбеўин мүнәсип қорғаған еди.

Жавоҳир Тошхўжаев, ӨзА