Хабарыңыз бар, жақында бурынғы Фермерлер Кеңеси Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңеси болып қайта шөлкемлестирилди.

Жаңадан шөлкемлестирилген Кеңестиң тийкарғы ўазыйпасы – фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў, мәмлекетлик ҳәм хожалық басқарыў, жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымлары, тәмийинлеўши, таярлаўшы, хызмет көрсетиўши кәрханалар менен қатнасықларда, қадағалаўшы уйымлар тәрепинен тексериўлер өткериў процесинде, судларда ислерди көрип шығыўда оларды қорғаў болып табылады. Соның менен бирге, оларға өнимлерди жетистириў, оны қайта ислеў ҳәм сатыў бойынша шәртнамалар дүзиўде әмелеий жәрдем көрсетиледи.

– Өзбекистан Республикасы Президентиниң усы жыл 10-октябрьдеги  «Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелериниң жумысын буннан былай да раўажландырыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажлар ҳаққында»ғы қарары олардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў менен бирге егислик жерлерден пайдаланыўда жеке жуўапкершилигин де арттырады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы  Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери Кеңесиниң бас қәнигеси Султан Балташов.-Усы қарар тийкарында Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери жумысын буннан былай да раўажландырыў, олардың егислик жерлеринен нәтийжели пайдаланыўын тәмийинлеў мақсетинде илажлар бағдарламасы қабыл етилди. Онда аўыл хожалығы ислеп шығарыўшыларын ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеў, олардың қаржылай турақлылығын тәмийинлеў, егислик жерлерден ақылға уғрас пайдаланыўын тәмийинлеў бойынша әҳмийетли ҳуқықый, шөлкемлестириўшилик ҳәм басқада илажлар әмелге асырылады. Кеңес жанында фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелерине комплексли хызмет көрсетиўши орайлардың шөлкемлестирилетуғынлығын айрықша атап өтиў керек.

Ҳәр жылы пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларының баслықлары ҳәм профилактика инспекторлары тәрепинен аймақтағы дийқан хожалықлары менен қыйтақ жер ийелериниң егислик жер майданлары есапқа алынып, оннан нәтийжели пайдаланыўы, агротехникалық илажлардың өз ўақтында өткерилиўи, жетистирип атырған өнимлери жәмийетшилик қадағалаўға алынады. Берилген жер участкаларынан пайдаланбай атырғанларға болса, белгиленген тәртипте шара көриў белгиленген.

Бул қарардың қабыл етилиўи, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириўде егислик жерлерден өнимли пайдаланыў,  овощ, палыз ҳәм мийўе өнимлерин жетистириў көлемин көбейтиў, халықтың дәраматын арттырыў және абадан турмысын тәмийинлеўге хызмет етиўи менен де әҳмийетли.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң хабаршысы.