Қарақалпақстан Республикасы Тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетлери Федерациясының әмелге асырған жумыслары нәтийжесинде 8 хожалыққа бөлистирилген 1 миллион 633 мың сумлық қарыздарлық бийкар етилди.
Яғный, Беруний районлық электр тамийнаты кәрханасы тәрепинен 1 миллион 633 мың сумлық қарыздарлық 8 хожалыққа қәте бөлистирилген.
Кәрхана хызметкерлери усы районның Шимом АПЖ да жасаўшы пуқаралар Юлдашевлар, Беруний көшесинде жасаўшы пуқара М.Машарипова, Наўайы АПЖда жасаўшы З.Матякупова, Б.Исмаилов, Али қусшы көшесинде жасаўшы У.Қутлымуратов, Бунёдкор МПЖда жасаўшы Х.Аллабергенов, Кепекли қала көшесинде жасаўшы М.Матякуповлардың үйлерине барып усы муғдардағы қарыздарлық бар, деп акт дүзген.
Буннан наразы болған пуқаралар Беруний районлық тутыныўшылардың ҳуқықларын қорғаў жәмийетине мүрәжат етип, олардың мүрәжатлары үйренип шығылғанда тутыныўшылар ҳақ болып шықты. Дүзилген актлер бийкар етилди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги